Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Әмиўдәрья  районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында қолдан исленген арақ сатыўшылар иркилди.

Атап айтқанда,   Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен өткерилген илажда пуқара Ю.А. басқарыўындағы “Cobalt” маркалы автотранспорт қуралы ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз, 5 түрдеги жәми 456 дана қолдан исленген алкоголь өнимлерин өткериў мақсетинде алып киятырғаны анықланды ҳәм айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги