Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен басқарманың жумысларын муўапықластырыў ҳәм усы жылдың апрель айында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы бойынша мәжилис өткерилди.

Илажда дәслеп, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков басқарманың қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен апрель айында белгиленген ўазыйпалардың қанаатландырарлы түрде әмелге асырғанлығын ҳәм май айында әмелге асырылыўы тийис болған илажларды атап өтти.

Мәжилис даўамында басшылық етиў көрсеткишлери жоқары болған басқарманың Тахтакѳпир ҳәм Елликқала районлық бөлимлери компьютерлер менен сыйлықланды.

Илаж соңында жоқары нәтийжелерге ерисиў бағдарында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги