Көп миллетли елимизде тынышлық ең тийкарғы байлығымыз есапланады. Аўызбиршиликте жасап атырған түрли миллет ўәкиллери елимиздиң раўажаланыўына үлес қосып, бир нийет, бир мақсетте жасап келмекте.

Хожели районындағы  33-санлы улыўма билим бериў мектебинде миллетлер арасындағы  татыўлық ҳәм дослықты беккемлеў мақсетинде «Биз бир мәмлекетте жасап атырған көп миллетли халықпыз» сүрени астында илаж болып өтти.

Онда жаслар тәрепинен түрли миллет ўәкиллериниң бийтәкирар мәденияты, көркем өнери, үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлерин сәўлелендириўши көринислер, туўысқан халықлар өнерментлериниң үлгилери ҳәм  «Миллий қәдириятларымызды өзинде сәўлелендирген липаслар» көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илажға Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы Хожели районы бас қәнигеси, Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районлық бөлими баслығы бир қатар тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги