Өзбекстан ҳәм Жибути арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатыў ҳаққында Биргеликтеги коммюникеге қол қойылды. Шығыс Африкада жайласқан Жибути Өзбекстан менен дипломатиялық байланыслар орнатқан 149-мәмлекет болды.

Бул ҳаққында «Дунё» мәлимлеме агентлиги мәлим етти.

Хабарда айтылыўынша, кеше, 2-май күни болып өткен илажда ҳүжжетке еки мәмлекет ҳүкиметлери атынан Өзбекстанныӊ БМШ тағы турақлы ўәкили Улуғбек Лапасов ҳәм Жибутидиӊ БМШ тағы турақлы ўәкили Моҳамед Дуалеҳ қол қойды.

Тәреплер халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда, БМШ ҳәм оныӊ қәнигелескен мәкемелери шеӊбериндеги бирге ислесиўди және де раўажландырыўға таяр екенин билдирген, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Сондай-ақ, хабарда «еки тәреплеме бирге ислесиўдиӊ өз-ара пайдалы бағдарларын табыў ушын бирге ислесиўди жеделлестириў бойынша келисимге ерисилгени»  айтылады.

Еслетип өтемиз, 2024-жылдыӊ 14-март күни Өзбекстан Республикасы ҳәм Гамбия арасында да дипломатиялық қатнасықларды орнатыў ҳаққындағы Биргеликтеги коммюникеге қол қойылған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги