Өзбекстан Президенти АҚШ компанияларының мәмлекетимиздеги бизнести кеңейтиў режелерин додалады

275

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-май күни Ташкент халықаралық инвестициялық форумы ҳәм Сырт елли инвесторлар кеңесиниң мәжилиси шеңберинде Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда «Air Products», «CNH Industrial» ҳәм «Silverleaf» компанияларының басшылары да қатнасты.

Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени ҳәм палата мәмлекетлеримиздиң саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыўға салмақлы үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлеми турақлы артпақта, энергетика, аўыл хожалығы, машина қурылысы, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тармақларда жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Кэролин Лэмм АҚШ исбилермен топарлары атынан мәмлекетимиз басшысына еки мәмлекеттиң экономикалық бирге ислесиўине жеке итибар қаратып атырғаны ҳәм оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.

Америка исбилерменлериниң Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў, финанслық инструмент ҳәм механизмлерди раўажландырыў бағдарындағы алдынғы тәжирийбени енгизиў ҳәм түрли тармақларда жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелери додаланды.

Усы жылы Ташкент қаласында АҚШтың алдынғы компания ҳәм банклериниң қатнасыўында бизнес форумды өткериў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА