Өзбекстан Президенти Қытайдыӊ жетекши компанияларыныӊ басшыларын қабыл етти

932

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-май күни Көксарай резиденциясында үшинши Ташкент инвестиция форумы шеӊберинде Қытайдыӊ жетекши компанияларыныӊ басшылары менен ушырасыў өткерди.

“CAMCE” корпорациясы баслығы Ван Бо менен Ташкент қаласында Олимпиада қалашасыныӊ қурылысы ҳәм энергетика, санаат ҳәм инфраструктура тараўларындағы жойбарлардыӊ портфелин кеӊейтиў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимизде жумыс алып барыўда үлкен тәжирийбе топлаған компания ири жойбарларды қаржыландырыў, қурылыс ҳәм эксплуатациялаўдыӊ пүткил шынжырын қамтып алатуғын шешимлерди бериўге қәнигелескен.

“Goldwind” Цао Чжиган менен компанияныӊ Өзбекстанда “жасыл” энергетиканы раўажландырыўдағы қатнасыныӊ перспективалары көрип шығылды. Компания самал энергетикасы технологияларын ислеп шығыўға қәнигелескен болып, дүньядағы жетекши самал турбиналарын ислеп шығарыўшы болып есапланады. Самал электр станциялары бөлеклерин ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм әмелдеги жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.

“China Southern Power Grid” пенен Бухара ўәлаятында самал электр станциялары, пүткил мәмлекет бойлап гидроаккумуляция станциялары ҳәм жоқары күшлениўли линияларды қурыў жойбарлары додаланды.

Өзбекстанда электр есаплағышларды ислеп шығарыў бойынша “Holley Group” компаниясы нәтийжели ислеп атырғаны атап өтилди. Ташкент ўәлаятында технопарк қурыў ҳәм оған Қытайдыӊ ири  компанияларын тартыў бойынша келисимлерге ерисилди.

ӨзА