Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында  валюта  алмастырыў менен шуғылланыўшы пуқаралар усланды.

Атап айтқанда,  Р.А. ( бурын судланған) ҳәм басқалар 4 мың 700 АҚШ долларын пуқара  С.Д.ға 59,9 миллион сумға сатқан ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып,тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги