Усы жыл 24-апрель күни Нөкисте Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен «Шаңарақтағы зорлық – ғалаба хабар қураллары нәзеринде» атамасындағы дөгерек сәўбети болып өтти.

Атап өтилгениндей, Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими Европа Аўқамының Өзбекстандағы ўәкилханасының қаржыландырыўында Equality Now ҳәм «NIHOL» басламаларды раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў орайларының қоллап-қуўатлаўында «Өзбекстанда гендер теңлигин тәмийинлеўде пуқаралық жәмийетиниң ролин күшейтиў ҳәм турақлы бирге ислесиўди жолға қойыў» жойбары ҳәм «Өзбекстанда жынысый зорлық машқаласы ҳаққында Адвокациялық кампаниясы» жойбары шеңберинде өткерилген грант таңлаўында «Шаңарақтағы зорлық – ғалаба хабар қураллары нәзеринде» жойбары менен қатнасып жеңимпаз болды.

Дәслеп, Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиӊ директоры, жойбар басшысы Гүлсара Жоллыбекова жойбардың мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Мағлыўматларға қарағанда, 2024-жылдың биринши шерегинде Өзбекстанда 318 адам жынысый зорлық, 4,5 мың адам шаңарақтағы зорлық ҳәрекетлери ушын судланған. Және 40  пуқара жеке мағлыўматларды жәриялағаны ушын жазаланған. Ҳаял-қызларға қаратылған жынысый зорлық, анығырағы гендер зорлығы ҳаққында халықтың хабардарлығы жетерли емеслиги себепли де бундай машқалалар келип шықпақта.

Жойбардың тийкарғы мақсети-жәмийетшиликтиӊ бул машқалаға мүнәсибетин өзгертиўге, яғный ҳаял-қызларға байланыслы жынысый зорлық, жынысый күш ислетиў түрлери ҳаққында хабардар етиў ҳәм  машқаласын шешиўге қаратылған. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин ҳәм блогерлерди қамтыў – зорлық түрлерине ушыраған ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳаққында жәмийетшиликтиң хабардарлығын арттырыўға жәрдем береди. Сонлықтан да, жойбар шеңберинде журналист ҳәм блогерлер ушын ҳаял-қызлар ушын зорлық, зулымлық болған жағдайлары ҳаққында қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде материалларды дурыс жазыў, телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлерди дурыс алып барыў бойынша тренинглер шөлкемлестириледи. Нәтийжеде журналист ҳәм блогерлер ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кеңнен түсиник жумысларын алып барады. Сондай-ақ, ҳаял-қызларға қаратылған зорлық, жынысый зорлық темасының жәмийет ушын қәўипли екенлигине байланыслы ең тәсирли жазылған мақалалар, радио, телевидение ҳәм интернет материалларын таярлаў бойынша таңлаў өткериў режелестирилген.

Илаж қатнасыўшылары жойбар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги