Елимиз бойлап кең көлемде алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана ҳызметкерлери тәрепинен  Нөкис қаласындағы Боз аўыл мәкан пуқаралар жыйынында да абаданластырыў илажлары алып барылды.

Илажда атап өтилгениндей, таза ҳаўа дәреги есапланыўшы өсимликлер дүньясын сақлаў ҳәм абадан көшелерди, жасыл қоршаған орталықты пайда етиўге ҳәр бир пуқара жуўапкер. Сонлықтан, абаданластырыў жумысларына белсене қатнасыўымыз керек.

Бул жерде аймақлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, мәҳәлле аймағын абаданластырыў, турақ жайын оңлаўға мүтәж хожалықларға әмелий жәрдем көрсетиў, абат мәҳәлле, абат көше ҳәм абат шаңарақ критерияларын енгизиў мақсетинде үлкен абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Аймақтағы тереклер ҳәкленип, шақалары қайта исленип, астындағы топырақлары жумсартылды, әтирапларындағы қуўраған путалар жыйналып, тасландылардан тазаланды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги