Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Төрткүл районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде жеӊилликли кредит қаржыларын өзлестириў жағдайы анықланды.

Атап айтқанда, “K.n.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ жуўапкер шахслары тәрепинен арнаўлы техника ҳәм қурылыс материалларын сатып алыў ушын коммерциялық банк Төрткүл филиалынан ажыратылған кредит қаржылары есабынан 2 дана “Вовсат” маркалы экскаватор сатып алынғанлығы туўралы қәлбеки ҳүжжетлер рәсмийлестирилген.   Усыныӊ есабынан пуқара С.А.ныӊ пластик картасына 1,5 миллиард сум кредит қаржысын өткерип, нақ етип алғанлығы мәлим болды.

Бул жағдай  бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги