Түркмен халқының өзине тән миллий өнерментшилик түрлериниң бири  нағыслары бир биринен сулыў, сапалы гилемлери. Бул гилемлердиң тоқылыўы, нағыслары ҳәм жаратылыўы өзгеше.

Тақыятас районы «Сарайкөл» АПЖ турғыны Нурбийби Мередова шаңарақ ағзалары менен биргеликте гилем цех ашып, сапалы түркмен гилемлерин тоқып, шаңарағына дәрамат таппақта.

-Гилем тоқыўды кишкене гезлеримде анамнан үйренгенмен. Бул өнерди жыллар бойы жетилистирип, соң қызларыма, келинлериме үйреттим. Ҳәзирги ўақытта гилем цех ашып, шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте жумыс алып барып атырмыз. Еки келиним де гилем тоқыйды. Сондай-ақ, бул өнерди үйренемен деп келген ҳаял-қызларға да  өнер сырларын үйретип, жумыс пенен тәмийинлеп, қол ҳақыларын берип келмектемиз. Қойдың жүнин сатып алып ийирип, жип етемиз. Базыда  Түркменстаннан да жип алдырамыз. Гилем тоқыў машақатлы өнер болғанлықтан, бул сабырлылықты талап етеди.  Кишигирим гилемлер 12 күнде тоқып питкериледи.  3 метрлик гилемлерди бир, бир ярым айда тоқып питкереди ҳәм оны 9 миллионға шекем сатып, дәрамат табыўға болады,-дейди биз бенен сәўбетте болған Н.Мередова.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги