Мойнақ районында әскерий тараў ҳәм секторлар басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллериниӊ қатнасыўында “Үш әўлад” ушырасыўы өткерилди.

Бүгинги мәлимлеме технологиялары жедел раўажланған дәўирде жаслар тәрбиясына айрықша итибар қаратыў әҳмийетли  болып есапланады. Бунда шаңарақтан тысқары, пуқаралар жыйынлары, оқыў орынлары менен биргеликте жасы үлкен нуранийларымыздың да жасларға беретуғын тәрбиясы айрықша орын тутады. Себеби, бай өмир тәжирийбесине ийе болған нураныйларымыздың ақыл-кеңеслери жаслар ушын турмыслық мектеп есапланады. Солай екен, елимизде кексе әўлад ўәкиллерине айрықша ҳүрмет пенен қаралады.  Кекселери бар шаңарақлар берекетли, пайызлы болады. Олардың айтқан ҳәр бир гәпи бүгинги жаслар ушын ибрат мектеби болып табылады.

Әлбетте, мәмлекетимиз келешегин белгилеўде жигерли, мақсетти анық қойып, сол тийкарда ҳәрекет етип атырған жаслардың орны да айрықша. Келешек әўладтың бәркамал болып жетилисиўи, илим, билим, заманагөй техника ҳәм технологияларды пухта ийелеўи, дәўир талабына ылайық тәлим-тәрбия алыўы, спорт пенен шуғылланыўы ушын жетерли шараятлар жаратылған.

Ушырасыўда сөзге шыққан Өзбекстан Республикасы әскерий суды баслығының орынбасары А.Жонқобилов, Нөкис әскерий прокуроры У.Абдирахимов ҳәм басқалар усы мәселелерге айрықша тоқтап өтти. Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги