Елликқала районында “Өзтелеком” имаратыныӊ пайдаланылмай турған бөлегинде Аралықтан хызмет көрсетиў орайы пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда район ҳәкими В.Ниязымбетов қатнасыўшыларды жаӊа орайдыӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады ҳәм керекли үскенелер, компьютер комплектин саўға етти.

Бул орайда оӊлаў жумысларын алып барыў ушын басламалы бюджет жойбары тийкарында 1 миллиард 320 миллион сум қаржы утып алынды. “Топыраққала арнаўлы қурылыс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жеӊимпаз деп табылып, қурылыс жумысларын қысқа мүддетте сапалы етип пайдаланыўға тапсырды. Орай  90 орынға мөлшерленген болып, жаслар ушын барлық шараят жаратылған.

Илаж қатнасыўшылары жаӊа имаратта жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги