Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февраль күнги «Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-59-санлы қарарының 10.4 бәнтинде Нөкис қаласы жәмийетлик транспортында тариф системасын жеделлестириў мақсетинде, белгили бир тарифлерди әмелиятқа енгизиў ўазыйпасы белгиленген.

Атап айтқанда, жәмийетлик транспортта жолаўшыларды тасыўда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы халыққа транспорт хызметлерин көрсетиў сапасын жақсылаў, жол кирейди алыўда ашықлықты тәмийинлеў, улыўма пайдаланатуғын транспортта жолаўшы тасыў системасын және де жетилистириў, автоматластырылған төлеў системасын басқышпа-басқыш енгизиў көрсетилген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм  халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде, жәмийетлик транспортта жол ҳақыны электрон система арқалы әмелге асырыў жолға қойылды ҳәм ҳәзирги ўақытта Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылды.

-Әйне ўақытлары жолаўшылар банк картасы арқалы жол кирейди төлеп атыр,-дейди бизге Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Заҳида Қалжанова.-Алдағы ўақытлары да бул бағдардағы жумыслар еле даўам еттириледи ҳәм бул әлбетте, халқымыз ушын оғада қолайлы болады деп ойлайман.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги