Ҳүрметли кеңес қатнасыўшылары!
Ҳүрметли Рено-Бассо ханым!
Сырт елли инвесторлар кеңесиниң екинши жалпы мәжилисинде қатнасып атырған сиз, әзизлерди қызғын қутлықлайман.
Бүгинги мәжилисимизде дүньяның жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары болған тығыз бирге ислесиўшилеримиз ҳәм шериклеримизди көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Кеңес өткен дәўирде өзиниң нәтийжели жумысын айқын көрсетти. Сизлердиң шын кеўилден көрсетип атырған жәрдемиңиз ҳәм айрықша итибарыңыз нәтийжесинде реформаларымызға үлкен жәрдем беретуғын жумыслар әмелге асырылмақта.
Алға қойылып атырған идея ҳәм басламаларыңыз турмысымыздың барлық тараўларында жедел енгизилмекте. Сизлер кеше қатнасқан халықаралық форум болса оғада мазмунлы өтти, онда бир қатар әҳмийетли усыныслар алға қойылды, оғада әҳмийетли болған көплеген келисимлерге ерисилди.
Пурсаттан пайдаланып, сизлерге – мәмлекетимиздиң жақын досларына Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына қосып атырған мүнәсип үлесиңиз ушын терең миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәршеңизге жақсы белгили, бүгинги күнде дүнья жүзи экономикасында турақсызлық барған сайын күшейип, энергетика, азық-аўқат тараўлары ҳәм экологиялық системада кризислер күшеймекте. Бундай қыйын шараятта сизлер менен мәсләҳәтлесип, өз-ара ойласып, анық әмелий қәдемлер тасласақ, гөзленген жоқары шеклеримизге, әлбетте ерисемиз.
Мен кеше өзимниң шығып сөйлеген сөзимде Жаңа Өзбекстанның инвестициялық сиясаты бойынша ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги тийкарғы бағдарларға толық тоқтап өттим. Бүгин болса көбирек сизлерди тыңлаў нийетиндемен.
Әсиресе, ҳүрметли Рено-Бассо ханым, сизиң қымбатлы пикир-усынысларыңыз мен ушын оғада әҳмийетли болып есапланады. Конференцияларымызда тиккелей қатнасқаныңыз ҳәм Кеңестиң жумысын жедел қоллап-қуўатлап киятырғаныңыз бизди, әлбетте руўхландырады ҳәм усы платформа шеңберинде ашық, конструктивлик ҳәм нәтийжели сөйлесиў алып барыўға хызмет етеди.
Усы жерде Инвестициялар ҳәм Арнаўлы еркин зоналар ҳаққындағы нызам жойбарларын таярлаўға үлес қосқан жумысшы топардың жумысын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.
Экспертлер тәрепинен ислеп шығылған бул әҳмийетли ҳүжжетлер мәмлекетимизде қолайлы инвестиция ҳәм бизнес орталығын жетилистириўде үлкен қәдем болатуғынына исенемен.
Буннан тысқары, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң топары тәрепинен басланып атырған инвестициялық сиясатты таллаў биз ушын оғада әҳмийетли болып есапланады. Бул жойбар мәмлекетимиздеги инвестициялық орталықты және де жақсылаў бағдарында тийкарғы бағдарларды белгилеп алыўға ҳәм нәтийжели механизмлерди жаратыўға хызмет етеди.
Биз бул шөлкемниң мәмлекетимизди турақлы қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм әмелге асырылып киятырған терең таллаўларды жоқары баҳалаймыз ҳәм буннан былай да оның менен тығыз бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдармыз.
Ҳүкимет ҳәм инвесторлар арасында ашықтан-ашық ҳәм нәтийжели сөйлесиўдиң жолға қойылғаны турақлы экономикалық раўажланыўдың тийкарғы гилти болып есапланады.
Әлбетте, еле алдымызда биргеликте әмелге асырыўымыз керек болған үлкен ўазыйпа ҳәм мақсетлер тур. Сол себепли бүгинги заман менен тең қәдем таслап, өз алдымызға анық режелерди қойыўға ҳәм ҳәрекетлеримизди және де үйлестириўге шақыраман.
Кеңесимиз шеңберинде төмендеги бағдарларда жумысшы топарларды шөлкемлестириў ҳәм оларды толық әмелге асырыўда сизлерди белсене қатнасыўға мирәт етемен.
Бириншиден, капитал базарды раўажландырыў. Бул бағдарда сырт елли инвесторлардың талапларына толық жуўап беретуғын халықаралық қаржы орайын раўажландырыў ушын ишки ҳәм сыртқы капиталды кеңнен тартыўға тийкарғы итибарды қаратыў керек.
Екиншиден, жуўапкершиликли бизнес жүргизиў. Бул бағдарда экономиканың турақлылығын, ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң тийисли принциплерин кеңнен енгизиў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Үшиншиден, альтернатив инвестицияларды хошаметлеў. Онда стартап, инновациялық жойбарлар, биргеликтеги инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде «Венчур инвестициялар ҳаққында»ғы жаңа нызамды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў үлкен әҳмийетке ийе.
Төртиншиден, инвесторлар менен ислесиў системасын санластырыў. Сырт елли инвесторлар менен мәмлекетлик уйымлар арасындағы барлық хызметлерди әмелге асырыў ушын қурамалы электрон платформаны ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа кеңнен енгизиў ўақты келгени атап өтилди. Бул инвесторларды қыйнап атырған комплексли машқалаларды өз ўақтында ҳәм системалы шешиўге имканият береди.
Сизлердиң бай билим ҳәм тәжирийбеңиз, заманагөй көзқарасларыңыз биз ушын оғада әҳмийетли екенин және бир мәрте атап өтпекшимен. Өзбекстан сизлердиң қызғын қоллап-қуўатлаўыңыз арқалы жедел өсиў пәтлерин көрсетиўде даўам ететуғынына исенемен.
Мен бәршеңизди бүгинги додалаўлар ҳәм жаңа басламаларды ислеп шығыўда жедел қатнасыўға мирәт етемен. Сизлер менен аўызбиршиликли болып, ийинлес турып ҳәрекет етсек, халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыўға ҳәм Өзбекстанның абат келешегин тәмийинлеўге уқыплымыз.
Итибарыңыз ушын рахмет.
Енди сөзди ҳүрметли Рено-Бассо ханымға бермекшимен!
* * *
Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!
Тилекке қарсы, илаж регламенти ҳәм протокол сизлер алға қойған барлық усыныслар бойынша айрықша, толық тоқталыўымызға имканият бермейди.
Өзбекстан менен узақ мүддетли бирге ислесиўди ҳәм конструктивлик сөйлесиўди кеңейтиў бағдарындағы айрықша умтылыс ҳәм нийетлериңизди жоқары қәдирлеймен.
Қайталап айтаман: мәмлекетимизде бизнесиңизди табыслы жүргизиў, өзиңизди еркин ҳәм исенимли сезиўиңиз ушын сизлерге барлық шараятларды жаратып беремиз.
Исендирип айтпақшыман, айтылған барлық баслама ҳәм усынысларыңызды толық есапқа аламыз.
Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Рено-Бассо ханымға реформа ҳәм өзгерислеримизди турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаны, биргеликтеги бағдарламаларды нәтийжели әмелге асырып атырғаны ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.
Бүгиннен баслап, Кеңес жумысында пүткиллей жаңа система енгиземиз.
Бул залда отырған ҳүкиметимиз ағзалары, министрлеримиз, Президент Администрациясының жуўапкер хызметкерлери сизлер менен ҳәр айда ушырасады ҳәм сөйлесиўлеримизди избе-из даўам еттиреди.
Киргизилген ҳәр бир усыныс, айтылған ҳәр бир жойбар бойынша өз алдына «жол картасы» қабыл етиледи. Оларды жеке өзим қатаң қадағалаўға аламан.
Сөзимниң жуўмағында сизлерге беккем денсаўлық, профессионал жумысыңыз ҳәм жеке турмысыңызда үлкен табыслар яр болыўын тилеп қаламан.
Итибарыңыз ушын рахмет!