Кеше футбол бойынша U-23 Азия кубогинде шерек финалдың дәслепки ойынлары болып өтти.
Олардың биринде Япония сайланды командасы майдан ийелери есапланған Қатар менен ушырасып, араб футболшыларын қосымша таймларда киргизилген 2 гол есабынан 4:2 есабында жеңип шықты.
Соны айтып өтиўимиз керек, ушырасыўдың 41-минутында Қатар футболшысы Балидеҳ қызыл карточка алып майданды тәрк етти. Соған қарамастан майдан ийелери ойынның тийкарғы ўақтында Япония менен 2:2 есабында ойнады.
Ал, шерек финалдың екинши ушырасыўында Қубла Корея Индонезияға қарсы ойынға түсти ҳәм тийкарғы бөлимлерде есап 2:2 есабы менен жуўмақланды. Төреши тәрепинен қосып берилген қосымша таймларда да есап өзгерместен қалды ҳәм командалар ойын жеңимпазын пенальтилер сериясында анықлаўға мәжбүр болды.
Қызықлы өткен пенальтилер сериясында Индонезия сайланды командасы 11:10 есабында жеңиске ерисип, ярым финал жолламасын қолға киргизди.
Азия кубогинде бүгин шерек финал шеңберинде және еки ушырасыў болып өтеди.
Олардың биринде Өзбекстан сайланды командасы Саудия Арабстаны сайланды командасына қарсы майданға түседи. Ушырасыў Ташкент ўақты менен саат 19:00 де басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги