Бажыхана уйымларында ҳәр ҳәптениң пийшемби күни “Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша профилактика күни” деп белгиленип, орынларда бажыхана хызметкерлери арасында коррупция ҳәм басқа да жыныятшылықлар менен ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажларды шөлкемлестириў жолға қойылған.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының «Даўыт ата» шегара бажыхана постында ол жерде хызмет етип атырған жеке қурам ҳәм пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға коррупция, дәмегөйлик, парахорлық, лаўазымынан пайдаланыў сыяқлы жынаятлар ҳәм басқа да унамсыз жағдайлардың жүз бериўиниң алдын алыў бағдарында профилактикалық илаж өткерилди.

Пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға республикамызда коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылғанлығы атап өтилип, Өзбекстан Республикасының “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде көрсетилген коррупцияның алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша белгилеп берилген нормалар туўралы түсиниклер берилди.

Нызамшылыққа муўапық, пара бериў, пара алыў ҳәм пара алыўда ҳәм бериўде дәлдалшылық етиў жынаятлары ушын жаза анық екенлиги атап өтилип, пост арқалы ҳәрекетлениўде ҳеш кимге пара бермеўи, бундай иллетлерден аўлақ болыў кереклиги түсиндирилди.

Егер бажыхана хызметкериниң нызамға қарсы ис-ҳәрекети ямаса ҳәрекетсизлиги анықланса, сондай-ақ, дәмегөйлик, лаўазымынан пайдаланыў сыяқлы жағдайларға гүўа болса, бажыхана комитетииң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының +99861 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етип, хабар бериўи мүмкин екенлиги айтылып, коррупциялық жынаятларға қол урыў ақыбетлери ҳәм исеним телефон номерлери көрсетилген буклетлер тарқатылды.

Илаж даўамында пуқаралар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

– Усындай илаж бажыхана басқармасының “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана постында да өткерилди,-дейди  бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Бул жерде де пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға республикамызда коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылғанлығы айтылып, “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамның мазмун-мәниси, бийпәрўалық, итибарсызлық, парахорлық, коррупция, жалған мағлыўмат бериў, лаўазымынан пайдаланыўға қарсы гүресиў пүткил жәмийетшиликтиң итибарында болыўы кереклиги түсиндирилди.

Бундай илажлардың барлығы бажыхана хызметкерлерин, сондай-ақ, пуқараларымызды және де сергек болып, коррупцияға жол қоймаўға түртки береди, деп ойлаймыз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги