Футбол бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында Қатарда өткерилген Азия кубогинде гүмис медалды қолға киргизген Өзбекстан сайланды командасының Париж—2024 Олимпиада ойынларындағы қарсыласлары анық болды.

Оған бола, турнирдиң «С» топарынан орын алған Тимур Кападзе шәкиртлери Испания, Доминикан ҳәм Египет сайланды командалары менен келеси басқыш ушын өз-ара гүреске түседи.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз сайланды командасы 24-июль күни Испания, 27-июльде Египет ҳәм 30-июль күни Доминикан сайланды командалары менен ойынға түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги