Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме – китапхана орайында «Китап сүйиўши миллет» сүрени астында «Билимли жаслар – елимиз мақтанышы »  атамасында  зәкаўат интеллектуаллық ойыны болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Ишки ислер Министрлигиниң Қарақалпақ академиялық лицейиниң «Курсантлар», Ташкент мәлимлеме технологиялары университитети Нөкис филиалының «ТИТУ» ҳәм «Инталы жаслар» клубының «Зийреклер» топарлары қатнасты.

Интеллектуаллық ойынды Электрон ресурслардан пайдаланыў оқыў  залы секторы баслығы Л. Пирназарова ашты ҳәм басқарып барды.

Онда үш топар ағзалары өзлерине берилген сораўларға дурыс жуўаплар табыў бойынша өз-ара беллести.

Билимлилер жарысы жуўмағында биринши орынды «Курсантлар» топары, екинши орынды «ТИТУ» топары ийеледи ҳәм топар қатнасыўшылары Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен арнаўлы Дипломлар менен сыйлықланды.

-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги 2020-2025-жылларда «Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының  орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Китап сүйиўши миллет» сүрени астында Китапқумарлық ҳәптелиги шеңберинде жаслар арасында бундай илажлар еле де өткере беремиз,-дейди Мәлимлеме – китапхана орайының жәмленген электрон каталог секторы баслығы  Зина Есимова.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги