Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Қәдирли жаслар!

Cизлер менен бүгин мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған Өзбекстан жаслары форумында ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бул саўлатлы залда топланған, сондай-ақ, қала ҳәм районлардағы студияларда отырған белсенди ҳәм интакер ул-қызларымызды, пүткил мәмлекетимиз жасларын бүгинги әнжуман менен қызғын қутлықлайман.

Мен ҳәр сапары жасларымыз бенен ушырасқанымда, сизлердиң ғайрат-мәртлигиңизден күш-қуўат аламан, кеўлим таўдай көтериледи. Ҳәр бириңиз жанажан Ўатанымыз ҳәм халқымызға садықлық пенен хызмет етиў әрманы менен жанып жасап атырғаныңызды жақсы билемен. Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлеймен.

Биз елимизде қандай реформаларға қол урмайық, ең дәслеп, сиз сыяқлы жасларға, сизлердиң күш-ғайратыңыз ҳәм мәртлигиңизге сүйенемиз.

Бәршеңиз жақсы билесиз, биз бүгин өз алдымызға үлкен шеклерди қойғанбыз. Ана-Ўатанымызда үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға киристик.

Биз шаңарақ, мектепке шекемги билимлендириў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириўди және илимий-мәдений дәргайларды болажақ Ренессанстың ең әҳмийетли буўынлары деп есаплаймыз. Сол себепли, бул тараўларда түпкиликли реформаларды избе-из әмелге асырмақтамыз.

Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа тийкарын жаратыўда сизлер сыяқлы пидайы ҳәм ўатансүйиўши жасларымыз белсене қатнасып, мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.

Бәршеңизге белгили, бүгин дүнья тезлик пенен өзгермекте. Ҳәр күни, жаңадан-жаңа машқала ҳәм ўазыйпалар пайда болмақта. Әсиресе, жуўмақланып атырған жылымыз инсаният ушын жүдә аўыр ҳәм сынақлы келди. Коронавирус пандемиясынан миллионлап адамлар жәбир шекти.

Усындай қыйын дәўирде мәрт ҳәм пидайы жасларымыздың алдынғы қатарларда турғанына ҳәммемиз гүўа болдық.

Ел басына ис түскенде, жасларымыз, керек болса, әзиз жанларын гиреўге қойып, халқымыздың дәртине дәрман болды. Сизлердиң заманласларыңыз үйме-үй жүрип, карантин дәўиринде қыйналған шаңарақларға әмелий жәрдем берди. Әсиресе, «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетинде мыңлаған ул-қызларымыз ықтыярлы сыпатында жумыс алып барғанын бүгин айрықша атап өтпекшимен.

Жүрегинде жақсылық ҳәм меҳир-мүриўбет сезимлери толып-тасқан мине усындай жасларымызға, оларға тәлим-тәрбия берген ата-аналары ҳәм устазларына бүгин және бир рет шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз перзентлерим!

Хабарыңыз бар, жақында жаслар менен ислесиў бойынша Ташкент қаласы үлгиси жаратылды. Бул тәжирийбе шеңберинде пайтахтымызда өткерилген «Жаслар айлығы»нда ул-қызларымыздың машқалалары, усыныс ҳәм тилеклери мәҳәлле кесиминде үйренилди. Олардың шешимлери бойынша мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылды.

Бул ийгиликли баслама мәмлекетимиз бойлап кең қанат жайды. Сондай    -ақ, барлық қала ҳәм районларда Жаслар фестиваллары болып өтти. Көпшилигиңиз бул илажлар шеңберинде қатар министрлер, ҳәкимлер, банкирлер ҳәм басқа да қәнигелер менен ашық пикирлестиңиз.

Мен де бул процесслерди телевидение арқалы ҳәр күни бақлап бардым. Жасларымыздың актуал мәселелерди исенимли көтерип шығыўы, басламалары ҳәм ғайраты маған жүдә мақул болды. Дүньятанымы кең, жанкүйер, алдынғы пикирли перзентлеримиздиң көплигин көрип, туўрысы, оғада қуўандым.

Енди биз Ташкент қаласы тәжирийбесин пүткил мәмлекет бойлап кеңнен енгиземиз. Бул бағдарда Ташкент, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында әллеқашан әмелий жумыслар баслап жиберилген.

Жасларға байланыслы сиясатымызды нәтийжели әмелге асырыў, олардың социаллық машқалаларын системалы үйрениў ҳәм муўапықластырыў ўазыйпасы тийисли шөлкемлерге жүкленди.

Буннан былай ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, министрлер ҳәм басқа да жуўапкер басшылар орынларда жаслар менен ушырасыўларды турақлы рәўиште шөлкемлестирип барады. Ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары жаслардың машқалаларын шешиўге қаратылған әмелий «жол карталары»н ислеп шығып, орынланыўын тәмийинлейди. Бул мәселе бойынша ҳәр 6 айда жергиликли кеңеслерге есап береди ҳәм келеси ярым жыллық ушын анық режелерди белгилеп алады.

Саўда-санаат палатасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде палатаның аймақлық оқыў орайларында жәмлеспеген ҳәм жумыссыз жасларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыўды шөлкемлестиреди.

Күни кеше Саўда-санаат палатасының мәжилисинде «Ҳәр бир исбилермен ­ жасларға мәдаткар» принципи тийкарында 1 исбилерменге 1 жумыссыз жасты бириктириў бойынша қайырлы баслама жәрияланды. Бул баслама көплеген исбилерменлеримиз тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.

Келеси жылда кеминде 500 мың жасқа жумыс орнын жаратыўы мүмкин болған бул ҳәрекетти биз де әлбетте, мақуллаймыз.

«Өнерли адам қор болмайды», дейди халқымыз. Бирақ, кейинги ўақытларда перзентлеримиздиң уста өнерментлер қолында кәсип-өнер үйрениўине жетерли итибар бермей қойдық. Соның менен бирге, устаз көрген ул-қызларымыз устазына мүнәсип болыўға умтылады, турмыста олардың жәрдеми менен өз орнын табады. Сонлықтан, аймақларда «устаз-шәкирт» дәстүрин және де күшейтсек, нур үстине ағла нур болады, деп ойлайман.

Бул қайырлы иске тартылатуғын өнермент усталарды Бәнтликке көмеклесиў қорынан материаллық хошаметлеў системасы енгизиледи. Бул әҳмийетли ўазыйпаларды орынларда әмелге асырыў ушын Саўда-санаат палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери жеке жуўапкер болады.

Бәршеңизге жақсы мәлим, ҳәзирги ўақытта елимизде еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын тез раўажландырыў бойынша жетерли тәжирийбе топланды. Енди, арттырған тәжирийбемиз тийкарында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында «Жаслар киши санаат зоналары» шөлкемлестириледи. Бул санаат зоналарында жаслардың жойбарларын әмелге асырыўға көмеклесиў ушын зәрүр болатуғын барлық инфраструктура объектлери жайластырылады.

Коммерциялық банклердиң аймақларда жумыс баслаған «Жойбарлар фабрика»лары жасларымыздың алдынғы идеялары тийкарында жойбарлық усыныс ҳәм бизнес режеларин таярлап береди.

Жаслар жойбарларын қаржыландырыў ушын Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанында айрықша қор шөлкемлестирилип, бул қорға 100 миллион доллар қаржы ажыратылады. Бул қор жаслардың жойбарларына қолайлы шәртлерде ҳәм төмен процентлерде кредит береди.

Буннан тысқары, киши санаат зоналарында өндирислик имаратлар қурылып, жасларға жеңилликли шәртлерде ижара ҳәм лизинг тийкарында бериледи.

Орынларда «Жаслар киши санаат зоналары»н шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери бир ҳәпте мүддетте усыныс киргизеди. Жаслар жойбарларын қоллап-қуўатлаўда салық ҳәм басқа да жеңилликлерди бериў бойынша қарар қабыл етиледи.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Орны келгенде айтыў керек, жасларымыздың машқалаларын системалы шешиў бағдарында көплеп кемшиликлер елеге шекем сақланып қалмақта.

Әлбетте, бүгин өз заманласларына ибрат болып атырған, жәмийеттеги өзгерислерде белсене қатнасып киятырған ғайратлы жаслар жүдә көп. Лекин, турмыста өз орнын табыўға қыйналып атырған, жолдан адасқан, жәрдемге мүтәж жаслар да, тилекке қарсы, жоқ емес.

Соның ушын, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Жаслар ислери агентлиги менен бирге, жаслар, әсиресе, олардың жәмлеспеген қатламы менен жуўапкерлер арасында тиккелей байланыс орнатыўға хызмет етиўши «Жаслар мүрәжаты» электрон платформасын жаратыўы керек болады.

Жақында өткерилген социаллық сораўлар көпшилик жасларымызда унамлы мотивация, бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында зәрүр билим ҳәм тәжирийбе жетиспейтуғынын көрсетти. Демек, оларға исбилерменлик тийкарларын үйретиўге қаратылған жумысларымызды және де күшейтиўимиз лазым.

Соны инабатқа алып, «Микрокредитбанк» кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқып, сертификат алған жасларға жеңилликли процентлерде микрокредитлер ажыратыў илажларын көрсин. Бундай кредитлер 3 жыл жеңилликли дәўири менен 7 жыл мүддетке бериледи. Банк тәрепинен бул мақсетлер ушын келеси жылда 45 миллион долларлық микрокредитлер ажыратылады.

Сондай-ақ, Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы арқалы ҳәр бир ўәлаятқа жаслардың исбилерменлик жойбарлары ушын 100 миллиард сумнан кредит қаржылары қаратылады.

Усы бағдарламалар арқалы жаслардың бизнес жойбарларының нәтийжели әмелге асырылыўына орынларда ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары жеке жуўапкер болады.

Бүгин ул-қызларымызды қыйнап атырған үлкен машқалалардан бири ­ оқыўды тамамлаған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў болып табылады. Көплеген мектеп ҳәм колледж питкериўшилери, базыда жоқары мағлыўматлы жигит-қызлар да жумыс табыўда қыйыншылыққа ушырамақта.

Бизге белгили, усы жылдан Әндижан, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында 7-11-класс оқыўшыларына мектепте тәлим бериў менен бирге, оларды кәсипке үйретиў системасы енгизилди.

Оқыўшы 11-классқа өтти ме, ол район яки қала ҳәкимлигиниң тиккелей қадағалаўында болыўы зәрүр. Егер бала жоқары оқыў орнына кире алмаса, жергиликли басшылар оны әлбетте, жумыс пенен тәмийинлеўи шәрт. Буның ушын жумыс бериўшилер жас қәнигени өз жәмәәтине қабыл етиўден мәпдар болыўы керек.

Сол себепли, Министрлер Кабинетине жумыс бериўшилерге жас кадрларды ислеткен дәўири ушын тийисли жеңилликлер бериў мәселесин көрип шығыў ўазыйпасы тапсырылады.

Қәдирли жаслар!

Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў, жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў де тийкарғы ўазыйпалардан есапланады.

Өткен үш жылда республикамызда 5 мыңнан артық жас шаңарақлар ушын арзан турақ жайлар қурылды ҳәм оларға 200 миллиард сум муғдарындағы басланғыш төлем пуллары төлеп берилди. Мине, усындай ийгиликли ислеримиздиң логикалық даўамы сыпатында, 2021-2023-жылларда Жаслар үйлерин қурыў бағдарламасы әмелге асырылады.

Ҳүрметли ул-қызларым!

Халқымыз әзелден шаңарақты муқаддес билип, оны удайы қәстерлеп-сақлап келеди. Шаңарақ қаншелли беккем болса, жәмийет те соншелли турақлы болады.

Бир нәрсени умытпаўымыз керек: үйлеримиздеги тынышлық-татыўлық, бәринен бурын, шаңарақтағы саламат орталық, бийғәрез турмыс босағасында турған қызларымызды шаңарақлық турмысқа таярлаў менен тиккелей байланыслы.

Тилекке қарсы, бул әҳмийетли мәселеге немқурайдылық ҳәм итибарсызлығымыз нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен 11 айында жас шаңарақлар арасында 25 мың ажырасыўлар дизимге алынған. Бул унамсыз жағдай бәршемизди терең тынышсызландырыўы ҳәм қатты тәшўишке салыўы керек.

Ақыры, өзиңиз ойлаң, 25 мың ажырасыў ­ егер ҳәр бир шаңарақтың кеминде үш ағзасы болса, бул ­ 100 мың адам өмириниң зая болғаны емес пе?! Буның ақыбетинде қаншадан-қанша бийгүнә балалар тири жетим болып қалады. Қанша инсанның тәғдири жолдан шығып, әўере-сергиздан болады.

Неге мине усы шаңарақларды сақлап қалыў ушын мәҳәлледе ҳәрекет етпедик, жасларға туўры жолды көрсетпедик?

Мен, бүгинги имканияттан пайдаланып, кең жәмийетшиликке, алды менен, көпти көрген теберик нураныйларымызға, ақыллы ҳәм меҳрибан аналарымызға мүрәжат етпекшимен. Бул аўыр мәселеде бизге жәрдем бериңлер, деп өтиниш етемен.

Шаңарақлық келиспеўшиликлердиң алдын алыў, ажырасыўларды азайтыў бағдарында сиз, әзиз жасларымыз да баслама ҳәм белсендилик көрсетсеңиз, мен бәршеңизден шексиз миннетдар болар едим.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бүгинги форум сизлердиң келешектеги мақсет ҳәм режелериңизди белгилеп алыў ушын қолай болған үлкен имканият.

Уллы бабамыз Муҳаммед Хорезмийдиң: «Сөз ­ гүл, жумыс ­ мийўе», деген ҳикметли сөзлери бар. Бүгин белгилеп алатуғын режелериңиз қаншелли муқыят болса, жумысыңыз да соншелли жақсы нәтийже береди, деп ойлайман.

Сизлер көп китап оқыған, билимли әўлад ўәкиллери сыпатында журтымыз өтмиште жәҳән цивилизациясы бесиклеринен бири болғанын жақсы билесиз.

Сиз ­ Хорезмийлер, Ферғанийлер, Беруний ҳәм Ибн Синалар, Улығбек, Наўайы ҳәм Бабурлар, Бухарийлер ҳәм Термизийлер әўладысыз.

Мине усындай уллы ўатанласларымыз жаратқан бийбаҳа билим ҳәм ашылыўлар бүгин де инсаниятқа шексиз хызмет етпекте.

Усы жерде, энциклопедист алым Муҳаммед Хорезмий тийкар салған илим ­ «алгоритм»ди еслеўдиң өзи жеткиликли. Бул уллы инсанның үлкен хызметлерин пүткил инсаният елеге шекем миннетдаршылық пенен еслемекте. Оның дүньяға белгили ашылыўлары бүгинги мәлимлеме технологияларын жаратыўда да беккем тийкар болмақта.

Күни кеше Испанияның Мадрид қаласындағы Комплутенсе университетинде алым бабамыздың естелиги орнатылды. 500 жыллық тарийхқа ийе бул абырайлы университет мәмлекетте биринши орында туратуғын жоқары оқыў орны есапланады. Уллы бабамыздың естелигине көрсетилген бундай үлкен ҳүрметти биз ҳәзирги ўақытта халқымызға, оның әййемги тарийхы ҳәм бай илимий мийрасына көрсетилген жоқары ҳүрмет нышаны сыпатында қабыл етемиз.

Пурсаттан пайдаланып, Испания ҳүкиметине, университет басшылығы ҳәм илимий жәмәәтине пүткил ел-журтымыз ҳәм жасларымыз атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Атақлы шайыр Абдулла Ариповтың жазғанындай, Беруний бабамыздың «ақыл шырағы» пүткил инсаниятты елеге шекем ҳайран қалдырып киятырғанын сиз, әзиз жаслар жақсы билесиз, әлбетте.

Ең әҳмийетлиси, бул уллы алымларымыз өзлериниң дүньяға белгили ойлап табыў ҳәм ашылыўларын сизиң жасыңызда ­ әйне күшке толған нәўқыран пайытларында әмелге асырған. Сиз де уллы бабалардан ибрат алып, өмирде кәраматлар жаратыўға шын кеўилден умтылыўыңыз керек.

Өз тәжирийбемнен келип шығып, сизлерге айтатуғын мәсләҳәтим сол: Илимди қәдирлең, илимге умтылың!Бир секунд ўақтыңыз да бийкар өтпесин! Жаслық ­ өмирдиң ең бийбаҳа дәўири. Илим ҳәм билим ­ отта жанбайтуғын, суўда батпайтуғын, ҳеш ким сизден тартып ала алмайтуғын байлық екенин ҳасла умытпаң!

Сизлер ғәрезсизлик перзентлерисиз. Ата-бабаларыңыз көрген тосқынлық ҳәм қыйыншылықларды көрмей, азат Ўатанда еркин нәпес алып, ержетип атырсыз.

Жоқары мақсетлер жолында сиз ­ жаслар шешиўши күш болыўыңыз керек.

Мен сизлерге жүкленген мине усындай үлкен жуўапкершиликти, шын мәнисиндеги тарийхый ўазыйпаны абырай менен атқаратуғыныңызға беккем исенемен.

Сизлер заманагөй илим ҳәм жоқары технологияларды толық ийелеўиңиз ушын барлық күш ҳәм имканиятларды иске қосып атырмыз.

Мен аймақларға барғанымда, сизлердиң заманласларыңыз бенен ушырасып, оларды қыйнап атырған актуал машқалаларды үйрениўге өз алдына ўақыт ажыратаман.

Дүньяда глобалласыў ҳәм бәсекилик кем-кемнен күшейип баратырған бүгинги жағдайда барлық тараўларда жоқары билимли кадрларды таярламасақ, раўажланыўдан артта қалып кетиўимиз мүмкин.

Усы мақсетте, билимлендириў системасында түпкиликли реформаларды әмелге асырып атырмыз. Тараўда пүткиллей жаңа система ­ Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплерин, математика, химия, биология пәнлери бойынша арнаўлы мектеплерди шөлкемлестирип атырмыз. Жасларымызға «IT» технологияларды терең үйрететуғын билимлендириў орынларының саны күн сайын көбейип бармақта.

Биз бул жумысларымыздың дәслепки жемислерин көре басладық. Соңғы үш жылда мәмлекетимиз жаслары абырайлы халықаралық таңлаў ҳәм жарысларда бес ярым мың сыйлы орынларды қолға киргизди.

Ташкент қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы Фирдавс Абдуқаюмов IELTS бағдарламасы бойынша жоқары балл топлап, АҚШтың Джон Кэролл университетинде тәлим алыў ушын 96 мың долларлық грант ийесине айланды.

Фирдавс баламды, оның ата-анасы ҳәм устазларын шын кеўилден қутлықлап, оларға саў-саламатлық тилеймен.

Фирдавстың избасары сыпатында, Ташкент қаласындағы Президент мектебинен Темур Сулайманов грант тийкарында, Намангандағы мектептен Мираншаҳ Инамжанов ҳәм Азимжан Алижанов және басқа көплеген оқыўшылар абырайлы сырт ел илим дәргайларына оқыўға кирген ҳәм олардың саны күн сайын артып бармақта. Биз бундай талантлы жасларға өз ўақтында ҳәр тәреплеме итибар қаратып, қоллап-қуўатласақ, олар үлкен-үлкен табысларды қолға киргизеди, деп ойлайман.

Сол себепли, жасларымыздың абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге айрықша итибар қаратамыз. Атап айтқанда, халықаралық билимлендириў бағдарламалары бойынша ең жоқары балл топлаған талантлы жасларға имтихан тапсырыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Бүгин улыўмахалықлық ҳәрекетке айланған бес әҳмийетли басламаны әмелге асырыўда жасларымыз белсене қатнасып атырғаны бизди шексиз қуўандырады.

Әлбетте, бул бағдарда белгили бир нәтийжелерге ерискен болсақ та, еле ислейтуғын жумысларымыз жүдә көп. Орынлардағы мәденият орайлары, спорт залларын оңлаў ҳәм үскенелеў, жаңаларын қурыў ҳаққында бүгин терең бас қатырыўымыз керек.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине бир ай мүддетте бес әҳмийетли басламаны әмелге асырыў бойынша қарар қабыл етиў тапсырылады.

Бул қарарларда орынлардағы 459 мәденият орайында заманагөй шараятлар шөлкемлестириў, оларды оңлаў ҳәм үскенелеў нәзерде тутылыўы лазым.

Бул машқаланы әлбетте шешемиз. Лекин, мени мәселениң басқа тәрепи көбирек ойландырады. Мәденият ҳәм көркем өнер бағдарында оқыўды тамамлаған жасларымыздың көпшилиги пайтахтта қалыўды абзал көрип атыр. Бундай жағдайда үлкен қәрежетлер есесине орынларда қурылып атырған мәденият ҳәм ағартыўшылық орайларында ертең ким ислейди? Аўыллардағы жас талант ийелерин ким излеп табады, оларды ким тәрбиялайды?

Усы мүнәсибет пенен ўәлаят ҳәкимлери ҳәр бир район ҳәм қаладан 5 ке шекем жасларды мәденият ҳәм көркем өнер жоқары оқыў орынларында жергиликли бюджет есабынан оқытады. Келешекте оларды өз аймағында турақ жай ҳәм қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көреди.

Министрлер Кабинети Мәденият министрлиги, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты, аймақ басшылары менен биргеликте бул мәселе бойынша еки ай мүддетте өз алдына бағдарлама ислеп шығады.

Және бир машқала ­ орынларда талантлы балалардың көпшилиги өз қәбилетин жүзеге шығарыў ушын тийисли шараятқа ийе емес. Талантлы жасларды анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша орынлардағы жумыслар талап дәрежесинде емес.

Мысал ушын, қайсы аймақтан қанша Зульфияшы қызлар шықты? Нешеўи «Ниҳол» сыйлығының ийеси болды? Қайсы жас шайыр яки жазыўшының китабы баспадан шығарылды? Қайсы жас талант республика яки халықаралық таңлаўларда, спорт жарыслары ҳәм пән олимпиадаларында жеңимпаз болды?

Егер мәселеге тереңирек қарайтуғын болсақ, ертең мине усындай жаслар район яки қаланың «алтын фонды»на айланады ҳәм олар сол аймақтың абырайын көтериўге хызмет етеди.

Соның ушын ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкимине 10-15 мине усындай талантлы жасларды таңлап, оларды ҳәр тәреплеме тәрбиялаў ҳәм турақлы хошаметлеў системасын жолға қойыў ўазыйпасы тапсырылады.

Және бир әҳмийетли мәселе!

Хабарыңыз бар, жақында жаңа бир тәжирийбени енгиздик. Оған бола, әйне күнлерде ҳәкимлер жыл жуўмағы бойынша өз аймақларында әмелге асырылған жумыслар, бар кемшилик ҳәм машқалалар ҳәм де келеси режелери ҳаққында жергиликли кеңеслер алдында есап берип атыр.

Тилекке қарсы, жаслар тәрбиясы, олардың машқалалары ҳәм шешимлери еле бул есабатларда өз көринисин таппай атыр. Ўәлаятлар, район ҳәм қала басшылары келеси жылдағы ис режелеринде бул әҳмийетли мәселеге тийкарғы дәрежеде әҳмийет қаратыўы зәрүр.

Кейинги жылда да орынларда излениўшең жигит-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Жаслар технопарклери» қурылысын даўам еттиремиз.

Быйылғы жылы жаслар арасында ең жақсы илимий қолланбалар ушын улыўма баҳасы 30 миллиард сумнан артық болған «Жас алымлар» инновациялық жойбарлар таңлаўы жәрияланған еди.

Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириўи министрлиги 2021-жылдан баслап мектеп оқыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлери арасында «Болажақ алым» таңлаўын шөлкемлестирсин. Бул арқалы жаслардың ең жақсы инновациялық және стартап жойбарларына 50 миллиард сум қаржы қаратылсын.

Бул жумысларды даўам еттирген ҳалда, келеси жылда 100 ден зыят қала ҳәм районларымызда «IT»ды терең үйрететуғын заманагөй оқыў орайларын шөлкемлестиремиз.

Усы мақсетте, жаңа жылдан Ташкент ўәлаятында Мәлимлеме технологиялары университети филиалы ҳәм барлық аймақларда бул бағдарда техникумлар өз жумысын баслайды.

Сондай-ақ, кейинги жылдан жасларымызға халықаралық «IT» сертификатларын алыў қәрежетлериниң 50 процентине шекем болған бөлими бюджеттен қаплап бериледи.

Жақын еки жылда «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде 300 мың жаслар компьютер программалаў тийкарларына бийпул оқытылады.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте усы жойбар шеңберинде тараўға қызығатуғын жасларды анықлаў, оқытыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған бағдарлама ислеп шықсын.

Буннан тысқары, орта мектеплерде ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде жаслардың талантларын толық жүзеге шығарыў ушын системалы жумысларды жолға қойыў лазым. Бунда жаслар жетекшилери биринши гезекте өзлери интакер болыўы керек.

Жасларымыздың лидерлик қәбилетин күшейтиў, олардың белсендилигин арттырыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, алдынғы ис тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ушын «Камалак жулдызлары», «Жылдың ең белсенди жаслар жетекшиси», «Жыл сәрдары» сыяқлы таңлаўларды өткериў мақсетке муўапық болады, деп ойлайман. Соның менен бир қатарда, жоқары оқыў орынлары арасында Студентлер фестивалы, Интеллектуаллық ойынлар ҳәптелиги«Жыл студенти» сыяқлы таңлаў ҳәм жарысларды өткериў олардың интеллектуаллық потенциалын ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилетин және де раўажландырыўға хызмет етеди.

Усы мүнәсибет пенен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириўи министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Ректорлар Жоқары Кеңеси, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы биргеликте 2021-жылдан баслап бул таңлаўларды шөлкемлестириў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, жеңимпазларды мүнәсип хошаметлеў бойынша илажлар бағдарламасын тастыйықласын.

Әзиз жаслар!

Сизлерге және бир әҳмийетли жаңалықты айтып өтпекшимен. Кейинги жылдан жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизиледи. Егер әмелдеги Президент стипендиясы тек бир оқыў жылы ушын мөлшерленген болса, бул грант студент оқыўды питкергенге шекем, яғный, төрт жыл даўамында төлеп барылады.

Сондай-ақ, келеси оқыў жылынан баслап, республикамыздағы сырт ел жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышы студентлери ушын да Президент ҳәм мәмлекетлик стипендиялар енгизиледи. Себеби, бундай билимлендириў орынларында тәлим алып атырған жаслар да өзимиздиң перзентлеримиз. Олар да ертең елимиздиң раўажланыўы ушын хызмет етеди. Солай екен, оларға бүгин ғамқорлық етип, талантын хошаметлесек, бул да әдалаттан болады, деп ойлайман.

Илим жолын таңлаған талантлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, кейинги жылдан баслап магистратура ҳәм докторантура басқышлары ушын Президент стипендияси квотасын еки есеге арттырамыз.

Исенимим кәмил, әлбетте, бундай имканият ҳәм жеңилликлерге, алды менен, жаңа Ренессанс тырнағының ҳақыйқый жаратыўшылары ылайық болады.

Және бир әҳмийетли мәселе. Елимизде бир неше перзенти жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ата-аналардың көпшилиги, ашығын айтқанда, оқыў қәрежетлерин қаплаўда қыйналады. Соның ушын еки ҳәм оннан артық перзенти жоқары оқыў орнында шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредитин бериў тәртиби ислеп шығылады. Бунда кредитти оқыў дәўири жуўмақланып, жасларымыз жумысқа орналасқаннан соң қайтарыў нәзерде тутылады.

Қаржы министрлиги коммерциялық банклерге усы арзан кредитлер ушын мақсетли ресурслар ажыратылыўын тәмийинлесин.

Ҳүрметли келешегимиз мийрасхорлары!

Хабарыңыз бар, келеси жылы уллы бабамыз Әлийшер Наўайының туўылғанының 580 жыллығын сизлер менен кеңнен белгилеймиз.

Жасларымызға ҳәзирети Наўайы дөретиўшилигин терең үйретиўди системалы жолға қойыў айрықша әҳмийетке ийе. Әлийшер Наўайы шығармаларының бүгинги жаслар түсинетуғын ықшам үлгилерин жаратып, түрли мобиль қосымша ҳәм электрон бағдарламалар ислеп шығыў керек. Бул мәселеге Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети басшылары жуўапкер етип белгиленеди.

Соның менен бир ўақытта, келеси жылы биз атақлы шайыр ҳәм жазыўшыларымыз Абдулла Арипов, Өткир Ҳашимов, уллы көркем өнер шебери Батыр Закировтың юбилей сәнелерин де кеңнен белгилеймиз.

Бул бағдарда белгиленген илажларды халқымыз, бәринен бурын, жасларымыздың ядында жарқын из қалдыратуғын дәрежеде, ҳақыйқый әдебият ҳәм көркем өнер байрамлары сыпатында өткериўимиз керек. Усы мақсетте, «Абдулла Арипов избасарлары», «Өткир Ҳашимов шығармалары билимданы», «Батыр Закиров өнери даўамшылары» таңлаўларының районлық, қалалық, ўәлаятлық ҳәм республикалық басқышларын шөлкемлестирип, жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў зәрүр.

Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Көркем өнер академиясы, жергиликли ҳәкимликлер бул илажларды жоқары дәрежеде өткериў илажларын көриўи лазым.

Ҳүрметли дослар!

Жәҳән тарийхы соннан дерек береди, ҳәр қандай жаңа цивилизация, жаңа Ояныў дәўири китап ҳәм китапханалардан басланады. Биз де жаңа Ренессанстың туңғыш қәдеми сыпатында Ташкент қаласында заманагөй, саўлатлы китапхана қурсақ, не дейсиз?

Бул ағартыўшылық сарайы илимниң соңғы жетискенликлери тийкарында үскенеленеди. Бул дәргайда елимиз ҳәм дүньядағы ең сийрек ушырасатуғын ҳәм бийбаҳа шығармалар жәмленеди. Ол уллы бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм атларын пүткил дүньяға тарататуғын, барлық журтласларымыз, биринши гезекте, сиз, қәдирли перзентлеримиз ушын ҳақыйқый зия мәсканына, мақтанышымыз нышанына айланады, деп исенемен.

Әзиз жаслар!

Мине, жақында мәмлекетимиздиң спорт турмысында қуўанышлы жаңалық болды. Азия Олимпиада Кеңесиниң қарарына бола, 2025-жылы Жаслар арасындағы Азия ойынлары Ташкент қаласында өткерилиўи белгиленди.

Бул жарыста Азия континентиндеги 45 мәмлекеттиң жаслары 20 ға жақын спорт түри бойынша өз-ара беллеседи. Бундай абырайлы халықаралық спорт ойынларының Өзбекстанда биринши мәрте өткерилиўи бәршемизге мақтаныш бағышлайды, әлбетте. Соның менен бирге, ол бизге оғада үлкен жуўапкершилик те жүклейди. Мине, сизлер сыяқлы нәўқыран ҳәм азамат жаслардың өз күш ҳәм шеберлигин көрсетип, Ўатанымыз байрағын жоқарыға көтериўи ушын және бир зор имканият!

Усы мүнәсибет пенен бул спорт байрамын жоқары дәрежеде өткериў ҳәм оған талантлы жасларымызды таярлаўға ҳәзирден-ақ кирисиўимиз лазым. Усы мақсетте, Азия ойынлары бағдарламасына киргизилген спорт түрлери бойынша район, қала, ўәлаят ҳәм республика чемпионатлары, «Ҳәким кубоги» жарысларын шөлкемлестириў керек.

Министрлер Кабинети бул мәселе бойынша тийисли қарар жойбарын еки ай мүддетте таярлап киргизсин.

Елимизде жас әўладтың физикалық ҳәм мәнаўий жетик болып өсиўи, атап айтқанда, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, ғалабалық спортқа кеңнен тартыў мақсетинде «Саламат турмыс тәризи» электрон платформасы ислеп шығылмақта. Аймақларда пияда ҳәм велосипедте жүриўге мөлшерленген «Саламатлық тротуарлары» қурылмақта.

Кейинги жылларда мәҳәллелерде шөлкемлестирилген спорт майданшалары жаслардың сүйикли орнына айланды. Бул жумысларды және де раўажландырамыз. Әйне пайытта, мектеп спорт залларынан сабақтан тыс ўақытларда да өнимли пайдаланыў илажлары көриледи.

Буннан тысқары, 2021-жылдан баслап жаслар арасында ҳәр жылы «Физикалық таярлық дәрежеси» спорт сынақларын өткериў системасы жолға қойылады. Усы сынақ талапларын орынлағанларға спорт разрядлары бериледи, мүддетли әскерий хызметке барыў ҳәм «Темурбеклер мектеби»не кириўде жеңилликлер енгизиледи.

Ең әҳмийетлиси, мине усындай сынаўларда жетилисип, ерк-ықрары шыныққан перзентлеримиз физикалық ҳәм мәнаўий жақтан бәркамал инсанлар болып ержетеди.

Бир пайытлары «Ватанпарвар» шөлкеми жасларға тек әскерий тараўда емес, ал, үлкен турмыста да зәрүр болатуғын жарыс ҳәм спорт ойынларын шөлкемлестирер еди, оларды техникалық кәсиплерге үйретер еди. Сонлықтан, жигит-қызларымыз арасында оған қызығыў жоқары еди. Тилекке қарсы, кейинги пайытларда оның жумысы төменлеп кетти. Шөлкемниң бурынғы абырайын тиклеўимиз зәрүр.

Қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына, ҳәр бир аймақ ҳәм тараў кесиминде «Ватанпарвар» шөлкеми базасында жасларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў ўазыйпасы тапсырылады.

Әзиз перзентлерим!

Жаслар тәрбиясы ҳаққында гәп кеткенде, және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратыўыңызды қәлер едим. Мен бул жерде жаслар мәнаўияты менен байланыслы айырым машқалаларды нәзерде тутып атырман.

Өзиңиз гүўасыз, жәҳәнниң көплеген регионларында еле кескин жағдай сақланып қалмақта. Түрли жәнжел ҳәм қарама-қарсылықлар ҳәўиж алмақта.

Ҳәзир пүткил дүньяда терроризм, экстремизм ҳәм басқа да қәўиплер Интернет мәканына кирип, бейимлесип алған. Соның ушын оларға қарсы гүресиў аңсат болмай атыр.

Тилекке қарсы, айырым жасларымызда Интернеттен дурыс пайдаланыў көнликпеси ҳәм мәденияты жетерли емес. Айырым жигит-қызлар Интернетти мәлимлеме, билим ҳәм ағартыўшылық дереги деп емес, ал, тек кеўилашар қурал деп биледи.

Мине усындай идеологиялық гүрес шараятында жасларымыз сезгир ҳәм сергек болыўы, ҳәр бир мәселеде ең дәслеп Ўатан мәпин ойлап ис тутыўы зәрүр.

Илим-мәрипат ҳәм кәсип-өнерге умтылыў, шаңарақты муқаддес билиў, мәнаўий пәклик, үлкенлерге ҳүрмет, кишилерге ғамқорлық, ийгиликли қәдириятларға садықлық сыяқлы пазыйлетлер әзелден халқымыз ҳәм миллетимиздиң қанында болып келген. Биз мине усындай бийбаҳа мийрасымызды тек сақлап ғана қоймай, ал, оны және де байытыўымыз, келешек әўладларға зыянсыз жеткериўимиз керек.

Усы жерде, мен ҳүрметли ата-аналар, бабаларымыз ҳәм мамаларымызды, жанкүйер устазларды, ҳүрметли зиялыларымыз, кең жәмийетшилигимизди бул мәселеге бийпарқ болмастан, жаслар тәрбиясына қаратылған жумысларымызды және де күшейтиўге шақыраман.

Қаншелли қыйын болмасын, биз жаслар тәрбиясы бойынша өзимизге сай ҳәм тәсиршең, бүгинги күнге сәйкес усылларды излеп табыўымыз керек. Жаннан әзиз перзентлеримизди бузғыншы ҳәм зыянлы идеялар, жынаятшылық, гиябентлик, бийпәрўалық, мәнаўий жарлылық, тутыныўшылық кейпиятынан сақлаўымыз зәрүр. Бундай унамсыз жағдайларды сапластырыўда бәршемиз, ең дәслеп, сиз, әзиз жаслар белсенди болыўыңыз керек.

Халқымыздың мәнаўий қүдирети ҳәм мәңги қәдириятларын қәстерлеп-сақлаў ҳәм пүткил дүньяға таратыўға сизлер, әлбетте уқыплысыз.

Қәдирли жас досларым!

Мәмлекетимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты толық жүзеге шығарыў ушын буннан кейин де барлық ресурс ҳәм имканиятларды кеңнен мобилизациялаймыз. Биз ушын бул бойынша майда мәселениң өзи жоқ. Сизлердиң келешегиңиз бенен байланыслы ҳәр қандай ўазыйпа ­ бирлемши әҳмийетке ийе.

Жаслар менен ислесиў Президенттен баслап министрге шекем, ҳәкимнен баслап мәҳәлле баслығына шекем ­ ҳәммемиздиң ең тийкарғы жумысымызға айланыўы зәрүр.

Буннан былай барлық дәрежедеги басшылардың жумысына жаслар менен ислесиў, олардың машқалаларын сапластырыў бойынша әмелге асырған жумысларына қарап баҳа бериледи.

Пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте тәкирарлайман. Жаслар тәрбиясы менен, олардың машқалаларын шешиў менен бүгин шуғылланбасақ, ертең кеш болады. Бул, бәринен бурын, жас әўладымызға қыянет болады.

Ҳәр бир ҳәким, ҳәр бир министр, ҳәр бир мәҳәлле баслығы: «Бүгин мен жаслар ушын қандай жумыс иследим? Ертең жаслар мәпи ушын және нелерди ислеўим керек?» деген сораўларға жуўап беретуғын, усындай исеним менен жасайтуғын ўақыт келди. Жас әўладымыздың турмысын жақсылаў, олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў ҳаққында бас қатырмайтуғын, бул мәселеге бийпәрўа болған басшылардың биз бенен ийинлес ҳәм зәңгилес болыўға ҳақысы жоқ.

Әзиз перзентлерим!

Халқымыз, Ўатанымыз сизлерден уллы ислер күтип атырғанын ҳеш қашан ядыңыздан шығармаң!

Елдиң жоқары исеними ҳәм үмитин толық ақлаў, оған мүнәсип болыў ­ дүньядағы ең уллы бахыт.

Усындай мәртебе, бәршеңизге несип етсин!

Пурсаттан пайдаланып, Жаңа жылда сизлерге денсаўлық, үлкен табыс ҳәм жетискенликлер тилеймен.

Ҳәмийше саў-саламат болың, әзиз балаларым!