Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен республикамызда үш күн даўамында қайырқомлық илажы өткерилди.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 400, Бозатаў районындағы 50 кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақтың ҳәр бирине 500 мың сумлық  күнделикли зәрүрлик ушын керекли болған азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Соның менен бирге, Беруний районындағы Султан Уайс баба ҳәм «Кеширмес ата» зыярат орынларында қурбанлық шалынып, гөши жетим-жесирлерге ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларға тарқатылды.

Келеси күни илаж Хожелидеги «Меҳрибанлық үйи»нде даўам етип, тәрбияланыўшыларға байрам дәстүрханы жайылды. Жәмәәтке «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен бес дана телевизор саўға етилди. Усы күни Нөкис қаласындағы 210, Кегейли, Нөкис, Қанлыкөл районларындағы 350 кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңараққа азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Елликқала районында 3, Хожели районында 3, Қоңырат районында  2, Мойнақ районында  2, Әмиўдәрья ҳәм Қараөзек районларының ҳәр биринде биреўден қурбанлық қылынды.

Өткен екшемби күни акция даўам етип, Шымбай районындағы 210, Қараөзек районындағы 130, Әмиўдәрья районындағы 490 жәрдемге мүтәж шаңараққа азық-аўқат өнимлери берилди. Сондай-ақ, Нөкис қаласында 3, Нөкис, Кегейли, Беруний районларының ҳәр биринде биреўден қурбанлық шалынды.

-Қайырқомлық акциясының тийкарғы мақсети, социаллық жәрдемге мүтәж, бақыўшысынан жоғалтқан шаңарақ ағзаларын, майыплығы болған инсанлардың ҳалынан хабар алынып, олардың кеўиллерин көтериўден ибарат,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Себеби, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем бериў халқымызға тән әзелий қәдириятларымыздан есапланады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.