ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен быйылғы жыл даўамында алып барылған жумыслардың жуўмағына бағышланған мәжилис болып өтти. Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, район (қала)лық Кеңеслериниң хызметкерлери, депутатлық топар ағзалары қатнасты.

Мәжилисте, быйыл март айынан берли, коронавирус пандемиясы барлық тараўларға, соның ишинде партияның үгит-нәсият илажларына да унамсыз тәсир етти. Бирақ, соған қарамастан, мәмлекетимизде тийкарғы итибар усы сынақлы күнлерди сабыр менен жеңиўге, халқымызды, әсиресе, оның жәрдемге мүтаж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылды.

Ҳәммеге белгили, ҳәр бир сиясий күш өз электораты арасына тереңирек кирип барыў, олардың мәплерин және де жақсырақ қорғаўға тартылмақта. Партия өз электораты болған исбилерменлерди ҳәм фермерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, партияның идеясы, мақсети ҳәм ўазыйпаларын орынларда үгит-нәсиятлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырмақта.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар шеңберинде, ҳәр бир аймақта партия депутатлары ҳәм белсендилеринен ибарат жумысшы топарлар дүзилип, орынлардағы жағдай үйренип барылды ҳәм анықланған машқалаларды шешиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Сынақлы күнлерде бирде-бир партия шөлкеми, партия белсендиси, депутатлар шетте турмады. Олар тәрепинен әмелге асырылған қайырқомлық илажлар көплеген инсанлардың турмысын жақсылаўға хызмет етти.

Электорат ўәкиллери болған исбилерменлер менен фермерлер тәрепинен социаллық жәрдемге мүтаж, кем тәмийинленген шаңарақларға 1 миллиард сумнан аслам муғдардағы 12 түрдеги азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек, антисептикалық қураллар, медициналық нықаплар, материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Партия қатарына 3 мыңға шамалас ағза қабыл етилди, 18 басланғыш партия шөлкеми дүзилди. Ҳәзирги күнде партия қатарының саны 51 мыңнан артты.

Мәжилисте, бөлимлердиң жумысларына да тоқтап өтилди. Жетискенликлер менен бирге жол қойылған қате-кемшиликлер де атап өтилип, көрилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен жылдың ең белсенди аппарат хызметкери, орынлаўшы секретариаты, депутатлық топар ағзасы, «Жаслар қанаты» жумысларын жақсы жолға қойған партия хызметкери ҳәм басқа да номинациялар бойынша жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Мәжилисте, көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги