Усы жыл 19-декабрь күнги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясында Қарақалпақстан Республикасының жаңа редакциядағы  «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди.

Бул нызамның мақсети өсимликлер карантини тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Алдынғы 1996-жылы 28-июньде қабыл етилген  «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы  (16 статьядан ибарат еди) ҳәзирги ўақыттағы талапларға жуўап бермей қалған еди.

Жаңа нызам менен көплеген жаңалықлар енгизилди. Бул нызамның қабыл етилиўи тараўда әмелге асырылып атырған илажлардың және де нәтийжели болыўына хызмет етеди.

Жаңа редакциядағы Нызам 8 бап 31 статьядан ибарат болып, бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының ўәкилликлери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өсимликлер карантини тараўындағы ўәкилликлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың өсимликлер карантинине байланыслы илажларды өткериўдеги қатнасы ҳәм басқа да қосымшалар киргизилген.

Бул нызамда карантин астындағы өним, карантин рухсатнамасы, карантин шеклеўлери, өсимликлер карантини, өсимликлер карантини объекти, өсимликлер карантини объектлерин тасыўшылар, фитосанитария сертификаты, фумигация туўралы анық түсиниклер берилген.

Карантин астындағы өнимге, оны алып кириўге, алып шығыўға, ислеп шығарыўға, қайта ислеўге, сақлаўға, тасыўға, реализациялаўға ҳәм жоқ етиўге қаратылған талапларды белгилейтуғын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық тәреплер тәрепинен орынланыўы шәрт болған ҳүжжетлер фитосанитария талаплары есапланады.

Фитосанитария талаплары белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен тастыйықланады ҳәм егер ҳүжжетлердиң өзинде басқа кеширек мүддет көрсетилмеген болса, рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Сондай-ақ, нызамда Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларының ҳуқықлары, өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларының миннетлемелери, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң өсимликлер карантини тараўындағы ҳуқықлары менен меннетлемелери, өсимликлер карантинине байланыслы илажлар ҳәм оларды әмелге асырыў, карантин орнатыў ҳәм оны бийкарлаў тәртиплери көрсетилген.

Қала ҳәм районларды өсимликлер карантини астында деп жәриялаў ямаса карантин шеклеўлерин орнатыў Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторының усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, ал Қарақалпақстан Республикасының аймақларын өсимликлер карантини астында деп жәриялаў яки карантин шеклеўин орнатыў Өзбекстан Республикасы өсимликлер карантини бас мәмлекетлик инспекторының усынысына муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен әмелге асырылады.

Өсимликлер карантини тараўындағы халықаралық бирге ислесиў, өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет системасын қаржыландырыў, тартысларды шешиў, өсимликлер карантини ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершиликлер де белгиленген.

Өсимликлер карантини ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады.

Булардың барлығы ҳәм нызамда белгиленген басқа да тәртип-қағыйдалар мәмлекетимизде фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыўда, сондай-ақ, экспортқа сапалы аўыл-хожалығы өнимлериниң шығыўын тәмийинлеўде  мүмкиншилик жаратады.

 

Мардон Джуманиязов,

Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер

карантини мәмлекетлик инспекциясының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги