Ҳәр жылы елимизде 14-январь Ўатан қорғаўшылар күни байрамы сыпатында үлкен көтериңкилик пенен өткерилип келинбекте.

Байрамды мүнәсип өткериў ушын таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта.

Елимизде «Ўатансүйиўшилик айлығы» енгизилип, илаж шеңберинде Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси менен биргеликте Нөкис оқыў майданында  «Ким ўатанға садық, болса сол мендурман!» сүрени астында жаслар фестивалы өткерилди.

Ўатансүйиўшилик, мәртлик ҳәм садықлықты жырлап, жасларға армия есигин ашқан «Армия-жаслар нәзеринде» фестивалында республикамыздың барлық районларынан  жаслар қатнасты.

-Бүгинги күнде елимиз жаслары ҳәр қандай күш-ғайратқа ийе екенлигин спортта, илим менен билимлендириўде, ойлап табыўларда көрсетпекте.  Бул болса уллы бабаларымыздың мүнәсип әўлады екенлигинен дәрек береди, – дейди Әскерий округ әскерлери сәркардасы полковник Фарҳоджан Шерматов. Жасларымыз Ўатанымыздың мүнәсип перзенти, ҳақыйқый ўатансүйиўши инсанлары болып жетилисиўине тилеклеспен.

Илаж қатнасыўшылары Нөкис дала-оқыў майданында шөлкемлестирилген әскерий қурал, оқ атыўшы үскенелердиң үлгилери ҳәм әскерий техникалар менен жақыннан танысты.

Жаслар әскерий бөлимшениң қурамалы тосықлы сызықларынан өтиў, ғалабалық қырғын қураллардан қорғаныў, денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўдың әҳмийети, әскерий таярлық ҳәм әскерий шеберлик ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болды.

Әскерий хызметкерлердиң дала-оқыў майданларында жасаўы, дем алыўы ҳәм теориялық шынығыўларды орынлаўы ушын жаратылған шараятлар менен танысып, үлкен тәсир алды.

Әскерий хызметкерлердиң қурал менен сап тартып жүриўи ҳәм қол урысы көргизбели шығыўлары, Нөкис гарнизонының әскерий оркестри тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы ҳәм «Айқулаш жулдызлары» фольклор-этнографиялық ансамблиниң жигитлери тәрепинен атқарылған қарақалпақ миллий ояқ-ойынлары жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги