«Berliner Telegraph»

Германияда басып шығарылатуғын абырайлы «Berliner Telegraph»  журналының декабрь айындағы санында Өзбекстанның заманагөй раўажланыўына бағышланған аналитикалық мақала жәрияланды.

Автор, белгили немис сиясаттаныўшысы Маттиас Дорнфельд «Өзбекстанның жаңа имиджи: ашықлық ҳәм бирге ислесиўге таярлық» атамасындағы материалында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық өзгерислер, республика басқарыўының сыртқы және регионаллық сиясаты ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз болған.

Мақалада Өзбекстан Евроазияның орайы ҳәм Орайлық Азиядағы ең көп халық жасайтуғын мәмлекет сыпатында регионаллық бирге ислесиўде жетекши абырайға ийе екени атап өтилген. «Орайлық Азиядағы ең көп халық жасайтуғын мәмлекет басшысы регионаллық бирге ислесиўде жетекши ролди өз мойнына алыў керек екенлигин аңлады. Қоңсы Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен регионаллық дәрьялардың төменги бөлиминде жайласқан мәмлекетлер, соның ишинде, Өзбекстанға суў жеткерип бериў мәселесиндеги келиспеўшиликлер шешилди. Еки тәреплеме шегарадан өтиў пунктлери ашылып, қурғақлық ҳәм ҳаўа арқалы транспорт байланыслары тикленди. Өзбекстан регионда улыўма экономикалық раўажланыў, қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа умытылмақта», деп атап өтеди сиясаттаныўшы.

Автор, сондай-ақ, Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық орнатыў, қоңсы мәмлекетти экономикалық қайта тиклеў бағдарындағы ҳәрекетлерине айрықша итибар қаратқан.

«2016-жылғы Президент сайлаўынан соң Өзбекстанның Аўғанстанға байланыслы сиясаты жаңа түртки алды. Ол бир тутас қатнас жасаўға тийкарланғаны менен әҳмийетли. Президент Шавкат Мирзиёев Аўғанстан қәўипсизлиги оның мәмлекет қәўипсизлиги мәселеси де болып, Аўғанстандағы тынышлық процеси регионаллық ҳәм глобал күн тәртибинде және де үлкен әҳмийетке ийе болыўы керек, деп есаплайды»,  деп атап өткен немис сиясаттаныўшысы.

Усы көз қарастан келип шығып, Өзбекстан Аўғанстанға экономикалық жәрдем көрсетип атырғаны мәлим етилди. Соның ишинде, мәмлекет қоңсы елди электр энергиясы менен тәмийинлемекте, Термиз ҳәм Аўғанстан арқасындағы Мазари Шариф арасындағы темир жол байланысын кеңейтиўге қатнаспақта, жаңа темир жол тармақларының қурылысын толық қоллап-қуўатламақта.

Баспада Өзбекстан басшысының көплеген басламалары Германияның Европа Аўқамы Кеңесине басшылығы дәўиринде қабыл етилген ЕА Орайлық Азия стратегиясының мақсет ҳәм ўазыйпаларына сәйкес келиўи атап өтилген. Президент Шавкат Мирзиёевтиң экономикалық реформалары басланғаннан соң Европа Аўқамына ағза мәмлекетлер, соның ишинде, Германия, Өзбекстанның әҳмийетли шериклери екени атап өтилген. Усы көзқарастан, 2019-жыл январь айында Өзбекстан басшысының ГФРға табыслы сапары, сондай-ақ, Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штанмайердиң сол жылы май айында Өзбекстанға жуўап сапарының нәтийжели болғаны есленеди. «Президент ҳәм оның ҳүкиметиниң өзбек жәмийети мәплери жолындағы перспективалы реформалары Германия структуралары тәрепинен исенимли қоллап-қуўатланбақта», делинеди материалда.

Мақалада Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен БМШ Бас ассамблеясының 75-сессиясында алға қойылған жаңа халықаралық басламалардың мәниси ҳәм әҳмийети ашып берилген. Сондай-ақ, республиканың БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине сайланғаны да айрықша атап өтилген.

«Шавкат Мирзиёев төрт жыл алдын Президент етип сайланғанынан берли Өзбекстанның сыртқы ҳәм регионаллық сиясаты сезилерли  дәрежеде өзгерди. Үлкен реформалар басланды, мәмлекет ашылды ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде турақлы түрде әҳмийетли басламалар ҳәм сиясий усынысларды алға қоймақта», деп жуўмақ шығарады Маттиас Дорнфельд.

Автор батыста Президент Шавкат Мирзиёев ҒМДА мәканындағы исенимли реформатор сыпатында қабыл етиледи ҳәм әсиресе, экономикалық байланысларды кеңейтиў ҳаққында сөз болғанда, күтилген мийман сыпатында тән алынады, деп атап өткен.

 

«Дунё» АА.

Қарақалпақстан хабар агентлиги