Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жоқары оқыў орынларында төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған  бир топар студент жасларына бир жыллық шәртнама пулларының төлеп берилгени ҳаққындағы сертификатларды тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Президентимиздиң басшылығында елимизде студент-жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим алыўлары ушын шараят жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жуўмақланып атырған жыл мәмлекетимиз ушын аўыр келди. Дүнья жүзин ләрзеге салған коронавирус пандемиясы  бир қатар машқалаларды келтирип шығарды. Соған қарамастан социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, «темир дәптер» дизиминдеги шаңарақларды  ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усы жыл 14-декабрьдеги қарары менен 9 жоқары оқыў орнында билим алып атырған 253 студенттиң 2020-2021-оқыў жылы ушын 1 миллиард 546,2 миллион сумлық шәртнама пулы төлеп берилетуғын болды. Усы мүнәсибет пенен студент-жасларға сертификатлар тапсырылды.

Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Бахтыгүл Матжанова, усы институттың студенти Наргиза Очилова, Қарақалпақстан медицина институтының студенти Шоҳруҳ Ражаповлар шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

-2018-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти болғанымда бириншиден қуўанған болсам, екинши жағынан шәртнама пулын қалай төлеймен деген қорқыныш болды,-дейди Бахтыгүл Матжанова.- Бир жыллық шәртнаманың пулы мәмлекет есабынан төлеп бериледи екен деген хабарды еситкенимдеги қуўанышымды сөз бенен жеткериў қыйын. Ҳәзиргидей сынақлы күнлерге қарамастан биз жасларға қайырқомлық жәрдем көрсетип атырған ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Студент-жаслардың бир жыллық шәртнама пулларының төлеп берилгени ҳаққындағы сертификатларды тапсырыўға бағышланған усындай илаж Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында, Жаслар орайында, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында да болып өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери