Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссияның мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы баслығы Т.Норбоева алып барды.

Өзбекстан Республикасында гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға тоқтап өтилди. Зорлық ислетиўден жәбирленген пуқараларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў және өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайларының жумысын үйрениў нәтийжелери, қалаберди, Комиссия жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бирлеспесиниң усы жылы алып барған жумыслары додаланды.

– Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер үлкен әҳмийетке ийе, – деди Т.Норбоева. – Оларды бул процесслерге кеңнен тартыў арқалы Миллий мақсетлерге тез ҳәм сапалы ерисиў мүмкин. Бирақ бүгинги күнде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң имканиятларынан толық пайдаланылмай атыр. Ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин ҳәр тәреплеме тәмийинлеўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Бүгинги күнде басқарыў лаўазымларында ҳаяллардың үлеси 26,6 процентке жеткерилди. Буннан тысқары, өткен жылғы сайлаўларда республикамызда биринши мәрте Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайланған депутатлар арасында ҳаяллардың үлеси 32 процент, Сенат және жергиликли Кеңеслерде болса дерлик 25 процентти қурады. Бурынғы шақырықта бул көрсеткишлер еки есеге аз болған. Жергиликли кеңеслерде ҳаяллар 25 процентти қурамақта. Кейинги сайлаўларда 30 процентке шығамыз. Буны биз ҳаяллар менен ислесиў процесиниң нәтийжелери, деп билемиз.

Қалаберди, «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық және имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына тийкарланып барлық министрликлер менен уйымларда гендер теңлик мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеслериниң жумысы шөлкемлестирилди.

Усы жылдан баслап мәмлекетимиз басшысының басламасы менен социаллық қорғаўға мүтәж қызлардың билим алыў имканиятлары және де кеңейтилип, жоқары билимлендириў мәкемелерине 4 процентлик мәмлекетлик грантлар ажыратылды. Бул жаңа система тийкарында 2020-жылы 950 социаллық қорғаўға мүтәж қыз оқыўға қабыл етилди. Және бир тәрепи. 2020-жылдың өткен дәўири даўамында 166,3 мың ҳаял-қыз турақлы жумысқа жайластырылды. 31,1 мыңы кәсипке оқытылды, 48,4 мың жумыссыз ҳаялға жумыссызлық напақасы тайынланып, социаллық қорғаўға алынды.

Ҳәр бир аймақта «Ҳаяллар исбилерменлиги орайлары» шөлкемлестирилип, тийисли мақсетли қорлар ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Өткен дәўир даўамында ҳаяллардың исбилерменлигин раўажландырыў мақсетинде 224 мыңнан аслам ҳаял-қызға жәми 6,9 триллион сум муғдарындағы жеңиллетилген кредитлердиң ажыратылыўы тәмийинленди.

Соның менен бирге, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж және кәсип-өнер үйрениўге мүтәжлиги болған жумыссыз ҳаял-қызлар менен мәнзилли ислесиў мақсетинде «Ҳаяллар дәптери»н жүргизиў жолға қойылды.

Қалаберди, усы жылы Олий Мажлис Сенаты, Кәсиплик аўқамлары федерациясы және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система жаратылды. Оған тийкарланып, ҳәр бир район ҳәм қала ушын айрықша «Жол картасы» тастыйықланып, оның орынланыўы шеңберинде шаңарағында майыплығы болған 4,7 мыңнан аслам ҳаялға турмыслық техникалар алып берилди. 18,6 миллиард сум қаржы есабынан 1 мың 40 аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қыздың турақ жай жағдайы жақсыланды.

Мәжилисте усы бағдарда өз шешимин күтип турған бир қатар машқалалардың бар екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлер де қанаатландырарлы емес. Шаңарақлық ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылған кредитлерди мақсетсиз ислетиў жағдайлары анықланған. Усы мәселе бойынша тийисли министрликлердиң басшылары және жергиликли ҳәкимликлер жуўапкерлериниң мәлимлемеси тыңланды.

Буннан тысқары, мәжилисте Зорлық ислетиўден жәбирленген пуқараларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў және өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайларының жумысын үйрениў нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳаял-қызларға зорлық жағдайлары әҳмийетли машқала сыпатында жүзеге шықпақта. Бул иллетлерди жоқ етиў ушын, бәринен бурын, ҳуқықый механизмлерди жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келди ҳәм сол мақсетте арнаўлы нызам қабыл етилди. Қорғаныў ордери, реабилитация орайлары, «исеним телефоны», «Нажот» мобиль қосымшалары сыяқлы ҳаяллар менен сөйлесиў системалары жаратылды. Қала берди, усы жылдың 25-ноябринен 10-декабрьге шекем «Зорлыққа қарсы 16 күн» кампаниясы өткерилди.

Бирақ ерисилген нәтийжелер қатарында кемшиликлер де бар. Тек ғана усы жылдың 11 айы даўамында ишки ислер уйымлары тәрепинен ҳәр қыйлы қорлық ҳәм зорлықларға ушыраған 11 мың 138 ҳаял-қызға қорғаў ордери берилген. Олардың 9 мың 916 сы, яғный, 89 проценти шаңарақта қорлық ҳәм зорлыққа ушыраған. Олардың 5 мың 418 физикалық зорлық исленген, нәтийжеде 652 шаңарақ ажырасып кеткен.

Мәжилисте атап өтилиўинше, «исеним телефоны»ның ислемей қалыў жағдайлары да ушыраспақта. Бул бағдарда жуўапкер шөлкемлер итибарды күшейтиўи зәрүр.

Сондай-ақ, мәжилисте анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы