2020-жыл 18-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Бул жалпы мәжилис жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «Ўзрепорт» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Жалпы мәжилистиң күн тәртиби тастыйықланғанынан соң сенаторлар көрип шығылып атырған мәселелерди додалаўға киристи.

Сенат ағзалары тәрепинен «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды. Бул Нызам менен келеси жыл ушын тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер ҳәм консолидацияласқан Мәмлекетлик бюджет прогнозлары және 2022-2023-жыллар ушын бюджет мөлшерлери белгиленбекте.

Макроэкономикалық сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳәм көрсеткишлери келеси жылы да коронавирус пандемиясы даўам етиў болжаўларынан келип шыққан ҳалда қәлиплестирилген.

Онда тийкарғы итибар макроэкономикалық турақлылықты сақлап қалыў, фискал хошаметлеў илажларын турақластырып барыў, экономикалық өсиў пәтлериниң 5 проценттен жоқары болыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Инфляция дәрежесиниң төменлеў тенденциясы даўам етиўи ҳәм келеси жылы оның 10 процент әтирапында болатуғыны прогноз етилмекте.

Бул раўажланыў көрсеткишлерине ҳәр бир тараўда басланған қурамалы реформаларды сапалы даўам еттириў арқалы ерисиў нәзерде тутылған.

Атап өтилгенлерден келип шығып, 2021-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматлары 178,5 триллион сумға ямаса жалпы ишки өнимниң 25,9 проценти дәрежесинде прогноз етилген.

Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары 147,2 триллион сум яки жалпы ишки өнимниң 21,3 проценти муғдарында белгиленбекте. Мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары 26,2 триллион сум, қәрежетлери болса 40,8 триллион сум муғдарында режелестирилген.

Мәмлекетлик мақсетли қорларға республикалық бюджеттен 15,9 триллион сум қаржы ажыратыў да белгиленген.

Соның ишинде, бюджеттен тысқары Пенсия қорының дәраматлары 23,5 триллион сум, қәрежетлери 36,5 триллион сумды қураған жағдайда бюджеттен 14,7  триллион сум ажыратылыўы режелестирилген.

Буннан тысқары, Мәмлекетлик бюджеттен социаллық тараўларға, соның ишинде, билимлендириў тараўының қәрежетлерине 34,6 триллион сум, Денсаўлықты сақлаў тараўына 19,6 триллион сум, Мәденият ҳәм спорт тараўының қәрежетлерине 2,6 триллион сум ҳәм илимди және де раўажландырыў илажлары ушын 1,2 триллион сум қаратыў режелестирилген.

Мәмлекетлик бағдарламалар арқалы болса үзликсиз билимлендириў системасын раўажландырыў бағдарламалары ушын 2 197 миллиард сум, илимди раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ушын 168 миллиард сум, халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў ушын 3 952 миллиард сум қаржы ажыратыў режелестирилген.

Сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды күшейтиў илажлары шеңберинде нызамда биринши мәрте биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер бюджетинде мәмлекетлик бағдарламалар ушын ажыратылып атырған қаржылардың өз алдына көрсетилиўи нәзерде тутылғанын атап өтиў зәрүр.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Бюджет процесиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды. Бул Нызам менен бюджет системасы ҳәм бюджет процесин жетилистириў илажлары белгиленбекте.

Бул илажлардың Бюджет ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслер және «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы ҳәм «Бухгалтериялық есап ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерис киргизиў арқалы әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылған.

Онда Бюджет кодексине киргизилген өзгерис пенен бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртиби бузылған жағдайларда министрликлер ҳәм уйымлардың басшы хызметкерлерине жәрийма қолланылатуғыны белгиленбекте.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске Мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң орынланыўы ҳаққындағы есабатты усыныс етпеген, бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртибин бузған министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына жәрийма қолланыў бойынша өзгерислер киргизилмекте.

Сенат ағзалары Нызамды мақуллады.

Буннан соң, «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да додаланды.

2021-жылы салық сиясатын жетилистириў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў арқалы салықлардың жыйналыўшаңлығына ерисиў Нызамның тийкарғы мақсети.

Соған муўапық, «Өзбекстан Республикасы Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам ҳәм Өзбекстан Республикасы Салық кодексине өзгерис киргизилмекте.

Салық кодекси нормаларының тиккелей әмел етиўин тәмийинлеў мақсетинде тийисли салық ставкаларын басқышпа-басқыш базалық ставкаларға жеткериўди нәзерде тутыўшы өзгерислер де киргизилмекте.

Сенат ағзалары тәрепинен бул Нызам мақулланды.

Соң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2020-жылдың тоғыз айындағы орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўы белгиленген параметр шеңберинде жәҳән экономикасында болып атырған қурамалы процесслерди есапқа алған ҳалда шөлкемлестирилген.

Бюджеттиң орынланыўында коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары және Кризиске қарсы гүресиў комиссиясының қарарларының орынланыўына айрықша итибар қаратылған.

Макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық өсиў пәтлерине ерисиў мақсетинде есап бериў дәўиринде жалпы ишки өним көлеми ағымдағы баҳаларда 408,3 триллион сумды қураған.

Бул болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 0,4 процентке өсиўди тәмийинлегенлигин көрсетеди. Соның ишинде, аўыл хожалығында 3,4 процент, қурылыста 8,6 процент, тутыныў товарларын ислеп шығарыўда 2,3 процент өсиўге ерисилген.

Есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары 94,4 триллион сумға орынланған болып, белгиленген прогнозда 2,9 процентке көп болған. Қәрежетлери болса 102,2 триллион сумды ямаса ЖИӨге қарағанда 25,0 проценти қураған.

Есап бериў дәўиринде қәрежетлерди қаржыландырыў ушын жәми 53,7 триллион сум жумсалып. бул улыўмалық қәрежетлердиң 52,5 процентин қураған. Буннан бюджет қаржылары есабынан 50,4 триллион сум және Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан 3,3 триллион сум қаржылар жумсалған. Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржыларынан денсаўлықты сақлаў тараўына 2,7 триллион сум ажыратылған.

Соның ишинде, материаллық хошмателеў қаржылары ушын 1,5 триллион сум, дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелер, қорғаныў қураллары, тест системалары, антисептикалық қураллар ҳәм дизенфекциялаў жумысларына және карантинде ҳәм емлениўде болған пуқараларды сақлаў жумысларына 1,2 триллион сум қаржылар жумсалған.

Сондай-ақ, сенаторлар есап бериў дәўиринде қәрежетлер режеге салыстырғанда кем орынланғанлығы, атап айтқанда, ағымдағы қәрежетлер ҳәм капитал қойылмалардың толық қаржыландырылмағанлығы сыяқлы жағдайлардың бар екенлигине итибар қаратты.

Бүгинги қурамалы пандемия шараятында халықты күшли социаллық қорғаў ҳәм денсаўлығын тәмийинлеген ҳалда экономиканы қайта тиклеў жолында белгили жумыслардың әмелге асырылып атырғаны да атап өтилди.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен орынларда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билимлендириў мектеплери ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин қурыў, барларын толық ҳәм ағымдағы оңлаў, оларды заманагөй қураллар менен үскенелеў, қалаберди, аймақлардағы ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаўға итибарды арттырыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.

Сондай-ақ, есап бериў дәўиринде бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, бюджет қәрежетлери үстинен қадағалаўды күшейтиў ҳәм онда жергиликли Кеңеслерде ашық-айдын есап берип барыўға айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги билдирилди.

Халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў және социаллық қорғаўдың мәнзиллилигин күшейтиў зәрүр екенлиги де атап өтилди.

Олий Мажлис Сенатының Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жылдың тоғыз айлығындағы орынланыўы ҳаққындағы есабатты тастыйықлаў бойынша қарары қабыл етилди.

Буннан кейин «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, дүнья көлеминде коронавирус пандемиясы барлық тараўларға өзиниң унамсыз тәсирин көрсетти. Атап айтқанда, өндирис ҳәм тутыныў көлемлериниң кескин қысқарыўы, дүнья финанс базарларында шийки зат товарлары баҳасының төменлеўи сыяқлы бир қатар машқалаларды келтирип шығарды.

Соған қарамастан, елимизде пандемияның унамсыз ақыбетлерин жумсартыў бағдарында оператив ҳәм зәрүр илажлар әмелге асырылды. Макроэкономикалық турақлылықты, экономика тармақлары ҳәм тараўларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, сыртқы экономикалық жумысты хошаметлеў, халықты нәтийжели социаллық қоллап-қуўатлаў, халық дәраматларының кескин азайып кетиўиниң алдын алыў илажлары солар қатарына киреди.

Бул Нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-сентябрьдеги қарарына муўапық ислеп шығылған. Оған муўапық, коронавирус пандемиясы күтилгенинен узағырақ даўам еткени, оның нәтийжесинде қосымша қәрежетлердиң жүзеге келиўи мүнәсибети менен Кризиске қарсы гүресиў қорының қәрежетлери 10 триллион сумнан 13,4 триллион сумға көбейтилген.

Соның менен бирге, Мәмлекетлик сыртқы қарызды тартыў бойынша қол қойылған жаңа шәртнамалардың шекленген көлеми 5,5 миллиард АҚШ долларына шекем арттырылмақта.

Қала берди, «Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы Нызамның 6-статьясына муўапық, Республикалық бюджеттен биринши дәрежели бюджет қәрежетлерин бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарының 10 ҳәм оннан артық процентке өзгериўи де усыныс етилмекте.

Сондай-ақ, 2020-жыл ушын мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының дәрамаларының прогнозы және олардың қәрежетлери кестесиндеги жыл басы ҳәм жыл ақыры қалдықларына анықлық киргизилмекте.

Сенат ағзалары бул Нызамды мақуллады.

Соң Наманган ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша ўәлаят ҳәкиминиң ўазыйпасын атқарыўшы Ш.Абдуразаковтың есабаты тыңланды.

Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенатының жумысшы топары тәрепинен быйыл 23-27-ноябрь күнлери ўәлаятты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды комплексли үйрениў жуўмақлары да толық додаланды.

Есабатта ўәлаятты ҳәр тәреплеме раўажландырыў, әсиресе, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, санаат тармағын кеңейтиў, тоқымашылық тараўын және де раўажландырыў ҳәм бул арқалы халықтың дәраматларын арттырыўға ерисиў бағдарында турақлы жумыслардың әмелге асырылғанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, 2020-жылдың тоғыз айы даўамында ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң көлеми 18 триллион 554,6 миллиард сумды, өсиў тезлиги болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 104,5 процентти қураған.

Жергиликли бюджет дәраматларының прогноз режеси әмелде 105,6 процентке орынланғанлығы нәтийжесинде бюджетке 76,3 миллиард сум қосымша дәреклер қәлиплестирилген.

Пандемия дәўиринде 252 кәрхананың 5,6 миллиард сум муғдарындағы салық қарыздарлығы, исбилерменлик субъектлериниң 2 мың 412 кредит шәртнамасы бойынша 502,6 миллиард сумлық төлемлер мүддети создырылған.

Буннан тысқары, ўәлаятта 258,7 миллион АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери өзлестирилип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107,5 процентке өскен.

Аймақлық инвестиция бағдарламасы шеңберинде баҳасы 3,4 триллион сумға тең болған 1 мың 270 жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 16 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Ўәлаят кәрханалары тәрепинен 347,4 миллион АҚШ доллары муғдарында, соның ишинде, ўәлаяттың экспорт географиясына жаңадан қосылған Молдова, Македония, Гана, Кипр, Сирия сыяқлы мәмлекетлерге 6,7 миллион АҚШ доллары муғдарында өнимлердиң экспорт етилиўине ерисилген.

Қалаберди, ўәлаяттың Уйчи ҳәм Норин районларын Әндижан ўәлаятының Балықшы районы менен байланыстыратуғын авария жағдайындағы Норин көпири заманагөй талаплар тийкарында реконструкцияланған.

Және бир тәрепи. Аймақта «жынаятшылықты жылаўлаў», жүз берген жынаятларды ашыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында алып барылған профилактикалық илажлар нәтийжесинде 775 мәҳәлледен 375 инде (48,4 %) жынаят ислеўине жол қойылмаған, 301 мәҳәлледе  (41,8%) жынаятлар саны азайған.

«Қәўипсиз қала» концепциясы шеңберинде Наманган қаласы ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў бөлиминде хызметке тартылған күш ҳәм қуралларды орайласқан ҳалда басқарыў имканиятын беретуғын «Жағдайлар орайы» шөлкемлестирилген, қаланың бирден-бир геоинформациялық картасы жаратылған.

Буннан тысқары, ўәлаятта «темир дәптер»ге киргизилген 34,7 мыңнан аслам шаңарақларға 18 миллиард сумлық мәнзилли жәрдем көрсетилген. Бул шаңарақлардың 47,4  мыңы мийнетке жарамлы ағзалары жумыс пенен тәмийинленген ҳәм турақлы дәрамат дәреги жаратылған. Нәтийжеде сектор басшыларының усынысы тийкарында халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң қарарлары менен 24,4 мыңнан аслам шаңарақлар дизимнен шығарылған.

Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жумыслары шеңберинде сырт мәмлекетлерден қайтып келген 1 мың 120 ҳаял жумыс пенен тәмийинленген, 551 ине исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын  жеңиллетилген кредитлер берилген. Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен ажыратылған 6  миллиард сум қаржы есабынан 16 жойбар қаржыландырылып, 1 мың 251 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленген.

Тәжирийбе-сынақ түринде таңланған Наманган қаласы ҳәм Тўрақўрғон районындағы шаңарақлар толық үйренилип, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген 4,7 мыңнан аслам ҳаял-қызларды социаллық-ҳуқықый қоллап-қуўатлаў, кәсип-өнерге үйретиў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли илажлардың бағдарламасы ислеп шығылған ҳәм орынлаўға қаратылған.

Соның менен бирге, жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде ҳәр бир район (қала) аймағында «Жаслар» киши санаат зоналарын шөлкемлестириў жумыслары басланған. Атап айтқанда, Наманган қаласында жас исбилерменлер ушын «Жаслар» арнаўлы киши санаат зонасы шөлкемлестирилип, бул 30гектарлық аймақта 65 жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм келешекте «Жаслар дәптери»не киргизилген ул-қызлар ушын  3,5 мың жаңа жумыс орнының жаратылатуғынлығы нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, мәжилисте ўәлаятты раўажландырыў бағдарында өз шешимин күтип турған айырым машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, бүгинги күнде ўәлаяттағы 54 бос турған мәмлекетлик объекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша зәрүр илажлар көрилмей атыр. Кредит қаржыларын ажыратыў мәселелериниң кешигип атырғаны ушын 14 ири жойбарды белгиленген мүддетте иске қоспаў қәўпи бар.

Наманган районы канализация насос станциясы 1984-жылы қурылған болып, ҳәзирги ўақытқа шекем оңлаў жумыслары алып барылмаған. Учқўрғон районының орайындағы 1985-жылы қурылған суў тазалаў объекти суткасына қуўатлылығына салыстырғанда 1,7 есе көп шығынды қабыл етип атырғанлығы себепли тез-тезден авария жағдайлары жүзеге келмекте.

Соның менен бирге, аймақта тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериў, халықты электр энергиясы менен турақлы тәмийинлеў бағдарында да машқалалар бар.

Мәжилисте ўәлаятты үйрениў жуўмақлары халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң 2020-жыл 28-ноябрьдеги сессиясында сын көзқарастан додаланғанлығы, онда ўәлаят дәрежесиндеги машқалаларды шешиў бойынша 88 бәнттен ибарат «Жол картасы» тастыйықланғанлығы атап өтилди.

Буннан тасқары, сенаторлар тәрепинен бар машқалаларды сапластырыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды көриў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда жуўапкер уйымлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды ҳәм додаланды.

Сондай-ақ, ўәлаятта өз шешимин күтип турған республика дәрежесиндеги машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли қарар қабыл етилди ҳәм оның орынланыўы үстинен сенаторлық қадағалаўды жолға қойыў белгиленди.

Буннан соң 2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша илажлардың орынланыўының барысы ҳаққындағы мәселе додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде регионда жүзеге келген ҳәм социаллық-экономикалық, ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўға қатаң итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының бас минберинен турып Арал теңизи кризиси шегара билмейтуғын глобал экологиялық машқалаларды келтирип шығарғанын атап өтип, дүнья жәмийетшилигин қырағылыққа шақырды.

Мәмлекетимиз басшысы аймақта экологиялық таза технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиўге сырт ел инвестицияларын тартыў ушын шараятларын жаратыў, «жасыл» экономика, экологиялық таза, энергия ҳәм суў үнемлейтуғын технологиялардың принциплерин комплексли енгизиў, халықтың саламаталығын беккемлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экотуризмди раўажландырыў және басқа да илажларды әмелге асырыў мақсетинде регионның улыўма күшлерин бирлестириўге қаратылған әҳмийетли басламаларды алға қоймақта. Бул ҳәрекетлер, бәринен бурын, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылғаны менен де әҳмийетли. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары да мине усы ийгиликли мақсетлер жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Мәжилисте бул қарардың орынланыўы бойынша Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Алиханов мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң қарары тийкарында 2020-2023–жыллары 2788 жойбар ҳәм объектлерде 21 триллион 209 миллиард сумлық кең көлемли жумыслардың әмелге асырылыўы режелестирилген. 2020-2023-жыллары Арал бойынша аймақлық инвестиция жойбарлары ҳәм санаат кластерлерин шөлкемлестириў бойынша болса баҳасы 12,3 триллион сумлық 1359 жойбар жүзеге шығарылады.

Және бир тәрепи. Бағдарламаның орынланыўы үстинен Парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, алып барылып атырған жумысларды системалы үйрениў мақсетинде сенаторлар, соның ишинде, Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети тәрепинен тиккелей орынларға шығып таллап үйрениўлер турақлы өткерилмекте. Үйрениўлер процесинде қарардың мазмунын кең жәмийетшиликке жеткериў, инвестициялық жойбарлардың орынланыў жағдайы, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген шаңарақлар менен ислесиў, жүзеге келген мәселелерди сол жерде шешиў, ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер менен бирге ислесиў мәселелерине тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

Сенаторлар тәрепинен айрықша кесте тийкарында ноябрь айында алып барылған қадағалаў-таллаў илажларында 17 район (қала)да 187 объект үйренилген және 1 мың 91 исбилермен ҳәм халық белсендилери менен ушырасылған. Сондай-ақ, аймақ бойынша район (қала)да әмелге асырылыўы зәрүр болған жәми 1 мың 167 жойбардың орынланыў жағдайы терең талланған.

Усы жылдың 5-декабрь жағдайына жүзеге шығарылыўы белгиленген усы жойбарлардан 3 триллион 164 миллиард сумлық 1108 инвестициялық жойбар қаржыландырылған. Буннан аўыл хожалығы тараўында 592,0 миллиард сумлық 358 жойбар, санаат тараўында 1 триллион 981 миллиард сумлық 311 жойбар және хызмет көрсетиў тараўында 590,8 миллиард сумлық 439 жойбар қаржыландырылған. Олардан 899,6 миллиард сумлық 605 жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 3166 жаңа жумыс орны жаратылған.

Соның менен бирге мәжилисте үйрениўлер процесинде ерисилген унамлы нәтийжелер менен бир қатарда айырым кемшиликлерге де жол қойылғанлығының анықланғанлығы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, 2020-жыл 5-декабрьге шекем иске қосыў керек болған жәми 974,5 миллиард сумлық 76 жойбар ҳәр қыйлы себеплерге бола белгиленген мүддетте иске қосылмаған. Қалаберди, банк кредити есабынан иске қосылыўы керек болған 15 жойбарға 15,1 миллиард сумлық кредит қаржыларының ажыратылмағанлығы да анықланған.

Буннан тысқары, бүгинги күнде социаллық-экономикалық инвестициялық бағдарламаларды әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлер тәрепинен жойбарлардың орынланыўын жуўапкершилик пенен қатнас жасаған ҳалда терең талланыўы және жойбарлардың перспективалылығы терең үйренилиўи керек екенлиги, қала ҳәм районлардың социаллық-экономикалық потенциалын раўажландырыўға қаратылған жойбарлардың нәтийжелилиги, өндирис қуўатлықлары, жаңадан шөлкемлестирилип атырған жумыс орынларына айрықша итибар қаратылыўы керек екенлиги атап өтилди.

Қалаберди, аймақларды үйрениў процесиндеги бир қатар машқалаларға Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети тәрепинен унамлы шешим табылғаны ҳаққында да сөз болды.

Соның ишинде, «Өзбекстан» АПЖ аймағында «Қара ой парранда» ЖШЖны үйрениў даўамында жәмийетке тийисли ферма қурылысы экологиялық экспертизасыз ҳәм әтираптағы шаңарақлардың халқы менен келиспей баслап жиберилгени белгили болды. Бул мәселе бойынша АПЖ белсендилери менен биргеликте 26 шаңараққа кирилип, халық арасында түсиник жумыслары ҳәм сөйлесиўлер өткерилген және олардың келисими алынған. Сондай-ақ, экологиялық экспертизадан өткерилиўине әмелий жәрдем көрсетилген.

Комитеттиң басламасы менен «Қара ағаш» аўылының «Атакөл» АПЖ аймағына саатына 5 куб метр суўды тазалайтуғын ҳәм душшыландыратуғын объект орнатып бериў жумыслары басланған.

Және бир тәрепи. Районлар кесиминде жергиликли Кеңеслердиң депутатларынан ибарат жумысшы топарлардың жумысы жолға қойылған. 200 ден аслам исбилерменлер ҳәм халық белсендилери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилген, ушырасыўлардың жуўмағы бойынша аймақлардың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып келеси жыллардың инвестициялық бағдарламаларына киргизиў ушын 40 қа шамалас усыныслар қәлиплестирилген. 100 ден аслам социаллық объектлерге барып көрилип, олардың жағдайы үйренилген.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларына министрликлер, уйымлар, коммерциялық банклердиң басшылары менен бир қатарда сенаторлар ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатлары бириктирилген.

Мәжилисте Сенат ағзалары айырым перспективалы жойбарларға өз ўақтында кредит қаржыларының ажырылмағанлығы және айырым жойбарларға кредит қаржылары ажыратылыўының кешиктирилип атырғанлығы, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен өзлери бириктирилген аймақларда жойбарлардың орынланыўын терең таллаған ҳалда муўапықластырыў жумыслары алып барылмағаны сыяқлы мәселелерге итибар берилди.

Сондай-ақ, Бағдарламаның орынланыўы үстинен қатаң депутатлық қадағалаўды алып барыў, жергиликли Кеңес депутатлары тәрепинен мәҳәллелер кесиминде әмелге асырылатуғын жойбарлардың орынланыў жағдайын сессияларда додалаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сентаның тийисли қарары қабыл етилди.

Соң Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2020-жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, 2020-жыл даўамында мәмлекетлик уйымлардың норма дөретиўшилиги жумысы бағдарында ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын 2,5 мыңға шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары келип түскен. Олардан 2 310 ы ҳуқықый экспертизадан өткерилген ҳәм 168 жойбар өткерилмей қайтарылған.

Қалаберди, нызам ҳүжжетлери «е-хат» бағдарламасы арқалы 140 тан аслам мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге өз ўақтында жеткерилген. Бүгинги күнде министрлик тәрепинен «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мәмлекетлик есабы ҳәм тарқатылыўы» мәлимлеме системасы жаратылып, бул система арқалы 600 ге шамалас мәмлекетлик уйымларға ҳәм олардың аймақлық бөлимлерине электрон түрде жиберилиўи тәмийинленген.

Мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша 2020-жылдың он бир айы даўамында 19 тараўда ҳуқықты қолланыў әмелияты үйренилген. Нәтийжеде 14 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳәм 13 талланған мағлыўматнама тийисли тәртипте Ҳүкиметке киргизилген.

Соның менен бирге, мәжилисте сенаторлар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы және ҳуқықты қолланыў әмелияты тараўында өз шешимин күтип атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, елимизде уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди имканы болғанынша қысқартыў, улыўма түрдеги, ҳәрекетсиз ҳәм ҳуқықты қолланыўға тәсир етпейтуғын нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў бойынша жумыслар көзге тасланбай атыр. Қала берди, тийкарсыз шеклеўлер, артықша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳәм ескирген механизмлерди сапластырыў есабынан анық тараўлардағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди системаластырыў жетерли дәрежеде жолға қойылмаған.

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын келисип алыў ҳәм жәмийетшилик додалаўы басқышларында машқаланы шешиўде жүзеге келиўи мүмкин болған ақыбетлерди прогноз етиў, соның ишинде, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын пайда ҳәм қәрежетлерди баҳалаўға байланыслы таллаўлық ҳүжжетлер менен тәмийинлеў әмелиятын раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен гөнерген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан қарарларды бийкар етиў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерин системаластырыўға қаратылған «жол карталары»н таярлаўды тезлестириў зәрүр екенлиги айтылды. Республикалық ҳәм жергиликли ҳәкимият дәрежесинде қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң избе-из байланыслылығын тәмийинлеў әҳмийетли мәселе екенлиги ҳаққында сөз болды.

Соның менен бирге, мәжилисте Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қолланыў әмелияты жағдайы сын көзқарастан додаланды.

Онда сенаторлар тәрепинен айырым мәмлекетлик уйымлардың норма дөретиўшлиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын аймақлар ҳәм тараўлар кесиминде комплексли таллаў, онда методикалық жәрдем көрсетиў арқалы усы тараўдың нәтийжелилигин арттырыў илажларына айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тәртипке салыў тәсирин баҳалаўда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бул процессте қатнасыўын және де жеделлестириў ушын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти ямаса оның жойбарын жанлы додалаў әмелиятын енгизиў бойынша усыныслар берилди.

Әдиллик министрлигине мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысында ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениўди режелестириў ўақтында пуқаралардың мүрәжатларын есапқа алыў зәрүр екенлиги көрсетилди. Сондай-ақ, мәжилисте мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ҳуқықты қолланыў әмелиятының инновациялық усыллары, соның ишинде, веб-технологиялардан жетерли пайдаланылмағаны сынға алынды ҳәм бул бағдарда тийисли тапсырмалар берилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты оныншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме агентлиги