Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, республикамызға хызмет сапары менен келген Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ўәкиллери, мәмлекетимиздиң сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери ҳәм дипломатиялық ўәкилханалары басшылары ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкиллеринен ибарат делегация ағзаларын қабыллады.

Қабыллаўда М.Камалов елшилерди республикамызға сапары менен қызғын қутлықлап, республикамыздағы соңғы жылларда әмелге асырылып атырған жумыслар, жаңаланыўлар менен таныстырып өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында соңғы жылларда  Қарақалпақстанда бурын болмаған унамлы өзгерислер, жаңаланыўлар әмелге асырылды. Нөкис қаласының, район орайларының, ҳәттеки, шетки алыс аўыллардың да келбети өзгерип, бир қатар жаңаланыўлар жүз берди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Қарақалпақстанда және де үлкен жумыслар әмелге асырылыўы күтилмекте.

Атап айтқанда, республикамыздың социаллық-экономикалық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, аймақта инженерлик-коммуникация, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жақсылаў, экономика тармақларын турақлы раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў мақсетинде бир қатар жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилмекте.

Соннан, 444,7 км халықаралық ҳәм республикалық әҳмийетке ийе және 408,1 км жергиликли ҳәм ишки  автомобиль жолларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў, 90,9 мың гектар аўыл хожалығы жер майданларының  суў тәмийнатын, 208 мың гектар майданның мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм 45 мың  гектар егислик жерлерде суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, 2020-2022-жыллары аймақлық инвестициялық жойбарлар шеңберинде улыўма баҳасы 12,3 триллион сумлық 1 359  жойбарды иске қосыў ҳәм 17,5 мың жаңа жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, 523 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў, жыллық экспорт көлемин 347 миллион  долларға, экспорт етиўши кәрханалардың санын 250 ге, экспорт географиясын 45  мәмлекетке жеткериў және экспортқа жиберилетуғын өнимлердиң түрин 30 дан  арттырыў, халықаралық финанс институтларының 1 миллиард доллар муғдарындағы қаржыларын әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўға бағдарлаў ҳәм басқа да ири жойбарлар әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилериниң республикамызға келиўи, район (қала)лардағы жаңаланыўлар менен танысып, олар тәрепинен әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарларды, мүмкиншиликлерди үйрениўи, өзлери елши болып турған мәмлекетлерден инвестициялар тартып, усы жумысларды әмелге асырыўда әмелий жәрдем көрсетиўи, қарарда көрсетилген ўазыйпалардың толық, ҳәттеки артығы менен орынланыўына, республикамыздың еле де раўажланып, халқымыз турмысының және де жақсыланыўына тийкар жаратады.

Соң делегация ағзалары, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында шөлкемлестирилген «Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық ҳәм экспортлық мүмкиншиликлери» атамасындағы көргизбели презентациялары менен танысты. Бул жерде олар Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлери, сондай-ақ, исбилерменлер менен ушырасып, сөйлесиўлер алып барды.

Сондай-ақ, делегация ағзалары Нөкис қаласындағы ири өндирислик кәрханалар, министрликлер менен шөлкемлердиң көргизбели презентациялары менен танысып, бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

– Ҳәзирги ўақытта Президентимиздиң басшылығында сырт еллер менен бирге ислесиў бойынша үлкен жумыслар алып барылмақта,-дейди Өзбекстан Республикасының БМШтағы турақлы ўәкили Б.Ибрагимов. – Әсиресе, Аралбойы регионын экономикалық ҳәм инвестициялық технологиялар зонасына айландырыў бойынша БМШ резолюциясын қабыл етиў бойынша  жумыслар алып бармақта. Ондағы тийкарғы мақсет – жасыл энергия ҳәм суў үнемлеўши техникаларды усы аймаққа кеңнен енгизиў арқалы аймақтағы экологияны, халықтың турмыслық жағдайын  жақсылаў, экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў болып есапланады.

Делегацияның Қарақалпақстанға келиўинен тийкарғы мақсет – жергиликли инвестициялық жойбарлар менен танысып, жуўапкер басшылар менен сөйлесиўлер алып барып, өнимлерин экспорт етиў бойынша усынысларын үйренип, бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады. Биз бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўге бәрқулла таярмыз.

Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилериниң 25-декабрьге шекем республикамыздағы өзлерине бекитилген районларда болып, ол жерлердеги инвестициялық бағдарламалар, экспортлық имканиятларды үйрениўи, додалаўы, район (қала) ҳәкимликлериниң аймаққа инвестиция алып кириў, экспорт ҳәм басқа да бағдарламалары бойынша анық усынысларын тыңлап, сөйлесиўлер алып барып бирге ислесиў бойынша келисимлер дүзиўи күтилмекте.

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери