Усы жыл 18-декабрь күни Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң гезектеги он жетинши сессиясы болып өтти.

         Сессияда Мойнақ районын 2020-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Е.Еденбаевтың район халқына мүрәжаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, 2020-жыл даўамында улыўма баҳасы 34,8 миллиард сумлық 49 жойбар әмелге асырылып, 131 жаңа жумыс орны жаратылды. Жыл жуўмағына шекем санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 121,6, қурылыс жумыслары 154,6,  хызметлер көрсетиў көлеми 53,1, усақлап сатыў көлеми 46,3, аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми 206,7 млрд. сум болыўы күтилмекте.

Ҳәзирги ўақытта райондағы 10 балықшылық субъектине улыўма майданы 64 мың гектардан аслам болған 24 тәбийғый көллер ажыратып берилип, 7,3 тонна балық өнимлери жетистирилди.

Президентимиздиң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, Мойнақ районында да еки хызмет түри бойынша өзине тән «өсиў ноқаты» етип, балықшылық ҳәм шарўашылық тараўын раўажландырыў белгиленген.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде районда шарўашылықты раўажландырыў ушын жайлаў жерлер ҳәм от-жем базасы ушын барлық имканиятлар бар. Районның көлеми 3,8 миллион гектар болса, 199,4 мың гектары аўыл хожалығы жерлери болып, 8,5 мың гектары сүрим, 53,2 мың гектары жайлаў жерлер болып есапланады. Усылардан келип шығып 5 мың гектарлық айланыстан шыққан жерлерди фермер ҳәм дийқанларға бөлистирип бериў ҳәм мың гектарлық жасалма көллерди жаратыў арқалы аўыл хожалығы өнимлериниң көлемин арттырыў ҳәм сол тийкарда 26 жойбарды әмелге асырып, 170 жаңа жумыс орынларын ашыў режелестирилген.

Атап айтқанда, балықшылық тармағы бойынша улыўма баҳасы 3 миллиард 75 миллион сумлық 7 жойбар, шарўашылық тараўын раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы 45,4 миллиард сумлық, сырт еллерден нәсилли қара малларды алып келиў ҳәм көбейтиў бойынша 18 жойбар бағдарламаға киргизилген.

Сессияда районның социаллық-экономикалық раўажланыўының өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын арттырыў бойынша исленип атырған жумыслар, бәнтлик мәселелерин шешиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм басқа да тараўлар бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Сессияда күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарар қабыл етилди.

Сессия қатнасыўшылары райондағы исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермер-дийқан хожалықларының көргизбели ярмаркасында олар тәрепинен ислеп шығарылған ҳәм жетистирилген өнимлер менен танысты.

Сессиядан соң баспасөз конференциясы өткерилип, онда 4 сектор басшылары ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги