ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жанында «Депутат ҳаял-қызлар» клубының ашылыў мәресими болып өтти.

Клубтың ашылыў мәжилисинде ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кенесиниң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жәмийетимизде ҳаял-қызлардың тутқан орны ҳәм әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти ҳәм адам саўдасы, нызамсыз миграция ҳәм ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, клуб ағзаларын бул бағдардағы жумысларда бирге ислесиўге шақырды.

Илажда, басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиўдеги әҳмийетли машқалалар туўралы мағлыўматлар атап өтилип, оның шешими ҳәм ўазыйпалары, бул бағдарда орай менен бирге жумыслар алып барыў, семинар-тренинг, ушырасыўлар өткериў белгилеп алынды.

Партияның ҳаял-қызлардың машқалаларына ҳуқықый ҳәм әмелий шешимлер табыў бойынша еле де көбирек жумыс алып барыў, бунда партиямыздың барлық дәрежедеги шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелери көлеминде, тийисли бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте бул бағдардағы жумысларымызды еле де даўам етиўимиз тийис екенлиги айрықша атап өтилди,-дейди ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жетекши қәнигеси А.Өтениязова.

Илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасынан жетилисип шыққан биринши Өзбекстан Қаҳарманы – Онесия Сайтова, бир неше халықаралық танлаўлардың жеңимпазы Минара Қалбаева, Реабилитация орайының психологы Роза Амановалар партия қатарына қабыл етилди.

Сондай-ақ, илажда депутат ҳаял-кызлар тәрепинен бир жыл даўамында исленген әмелий жумыслар бойынша презентация өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги