Ташкентте 17-декабрь күни Япония ҳүкиметиниң «Киши көлемли социаллық жойбарларға бийғәрез жәрдем» бағдарламасы шеңберинде грант шәртнамасына қол қойыў мәресими болып өтти.

Илажда Япония елшиханасы ҳәм Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги жанындағы Исҳоқхан Ибрат атындағы шет тиллерге қәнигелескен мектеп-интернат арасында баҳасы 41 мың 270 АҚШ долларлық грант шәртнамасына қол қойылды. Бул қаржы билимлендириў дәргайын оқыў қураллары менен тәмийинлеўге бағдарланады.

-Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл декабрь айында Японияға рәсмий сапары нәтийжесинде Өзбекстан менен Япония арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди,-деди Японияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёшинори Фуджияма. –Усы жылы пандемия шараятына қарамастан, мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жедел даўам еттирилди.

Өткен жыллар даўамында Япония ҳүкимети тәрепинен Өзбекстанда киши көлемли социаллық жойбарларға бийғәрез жәрдем шеңберинде көплеген жойбарлар турмысқа енгизилди. Бағдарлама шеңберинде 1995-жылдан ҳәзирги күнге шекем елимизде медицина ҳәм билимлендириў мәкемелери, жергиликли ҳәкимят уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ушын 28 миллион 547 мың АҚШ долларынан артық 399 жойбар әмелге асырылған.

Илажда усы грант қаржылары Өзбекстанда үлкен қалалар менен аймақлар арасында билимлендириў ҳәм медицина тараўындағы айырмашылықты сапластырыўға жәрдем беретуғыны нәзерде тутылған. Сондай-ақ, келеси жылы да усы бағдарда бир қатар жумыслардың әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы