1-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасының Биринши Президенти-Елбасы Нурсултан Назарбаевтиң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Нурсултан Назарбаев ҳәм туўысқан Қазақстан халқын Қазақстан Республикасының Биринши Президенти күни менен қызғын қутлықлады.

Елбасының заманагөй Қазақстанды қурыў ҳәм избе-из раўажландырыў, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўдағы тарийхый роли, сондай-ақ, Орайлық Азия регионында дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси айрықша атап өтилди.

Еки елдиң жетекшилери Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик, өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаў принциплерине тийкарланған көп қырлы қатнасықлардың бүгинги дәрежесин жоқары баҳалады.

Бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда кеңейип баратырған әмелий бирге ислесиў қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Пандемия ақыбетлерине қарамастан, саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, басқа да тийкарғы бағдарларда жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта.

Коронавирус инфекциясының ерте алдын алыў ҳәм нәтийжели емлеў мәселелеринде ҳәрекетлерди жақыннан муўапықластырыў даўам етпекте.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейип, аймақлараралық бирге ислесиў бойынша биргеликтеги жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта.

Телефон арқалы сөйлесиў алдында халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилериниң сөйлесиўи әдеттегидей қызғын ҳәм дослық руўхында болып өтти.

 

ӨзА