Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пандемия шараятына қарамастан, экономиканы тиклеў ҳәм раўажландырыў, адамлардың турмысын жақсылаў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде 12-13-ноябрь күнлери Қашқадәрья ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапарының екинши күни Қаршы қаласында ўәлаят белсендилери, жергиликли кеңес депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерди.

Илаждың басында ўәлаяттың экономикалық-социаллық жағдайы сын көзқараста талланды.

– Бул жерге келиўимизден тийкарғы мақсет – сизлер бенен бирге аймақтың раўажланыўына күшли түртки бериў бойынша анық ўазыйпа  ҳәм илажларды белгилеп алыў. Қашқадәрья өзиниң потенциалына сай жасап атырған жоқ, мәмлекетимиздиң көпшилик аймақларынан бир қанша артта, – деди мәмлекет басшысы.

Бул жер үлкен имканиятларға ийе. Бирақ оның экономикасы ҳәм социаллық тараўлардың жағдайы буған улыўма сәйкес емес. Ақырғы 10 жыл ишинде ўәлаяттың жалпы ишки өнимдеги үлеси 9,4 проценттен  7,1 процентке, санааттағы үлеси болса 11 проценттен  6 процентке түсип кеткен.

– Халықтың жан басына жалпы аймақлық өним мәмлекетимиздеги ең төмен көрсеткишлерден бири. Қашқадәрьяның халқы усыған мүнәсип пе! – деп сораў қойды Президент.

Аўыл  хожалығы  өнимлерин жетистириўде илимий тийкар ҳәм инновациялық қатнас жоқ, ўәлаяттың ҳаўа райы шараятына тән жаңа сортлар жаратылмаған. Өткен жылы пахта өнимдарлығы гектарына 19 центнерди ямаса елимиздеги ең төменги көрсеткишти қураған. Аўыл хожалығы техникалары жетиспейди. Өнимлерди қайта ислеў дәрежеси де төмен.

Шавкат Мирзиёев аймақтағы ирригация ҳәм мелиорация жағдайын кескин таллады. Надурыс суўғарыў ақыбетинде жерлердиң 45 проценти шорланған. Әсиресе, бул бағдарда  Муборак, Ғузор, Нишон ҳәм Косонда жағдай оғада аўыр. 38 мың гектар майдан пайдаланыўдан шығып кеткен. Тамшылатып суўғарыў улыўма суўғарылатуғын жердиң тек-ғана 2,4 процентинде енгизилген.

Халықтың ишимлик суўының тәмийнаты ўәлаят бойынша 50 процентти, атап айтқанда, Косонда 26, Дийқанабадта болса 4 процентти қурайды. Қубырлардың 60 проценти оңлаў талап етилетуғын болып қалған. Қаршы қаласының канализация системасы да ескирген. Автомобиль жолларының 8 мың 700 километри жарамсыз жағдайға келген.

Билимлендириў ҳәм медицинаның сапасы мәселесине тоқтап өтилди.

Ўәлаяттың 88 мектебинде «смена» көрсеткиши жоқары екенлиги, бир неше мектеп филиалының имараты ылайдан қурылғанлығы көрсетип өтилди. Қашқадәрьяның жаслары жоқары билимлендириўге кириў көрсеткиши бойынша мәмлекетте 13-орында. Бул жылы 191 мектептиң бир де бир питкериўшиси жоқары оқыў орынларына кире алмаған.

Тар тараўлар бойынша 257, басланғыш  буўында 855 шыпакер жетиспейди. Аймақта қосымша 18 шаңарақлық поликлиника ҳәм 30 шаңарақлық шыпакерлер пунткине талап жоқары. Ҳәр бир шаңарақлық поликлиникаға орташа 25-30 мыңнан пуқара туўра келетуғынлығы лазым болса да, ўәлаятта бул көрсеткиш 90 мыңды қурайды.

Мәжилисте усы сыяқлы машқалалар, имканиятлар талланып, Қашқадәрьяны комплексли раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаўға байланыслы тийкарғы бағдарлар додаланды.

– Қашқадәрьяда барлық тараўларда жағдай түп-тийкарынан өзгериўи шәрт. Оның ушын ўәлаятта барлық имканият бар. Ҳәмме ояныўы керек, – деди Президент.

Ҳәкимлердиң усыныслары ҳәм ўәлаяттағы машқалаларды таллаўдан келип шығып, исбилерменлик тийкарғы бағдар етип белгиленди. 2021-жыл Қашқадәрья ўәлаятында исбилерменликти раўажландырыў жылы, деп жәрияланды. Бул бағдарда мәнзилли ислеў ушын район ҳәм қалаларға министрлер, тармақ ҳәм банклердиң басшылары бириктирилди.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги базар талабы ҳәм «өсиў ноқатлары»нан келип шығып, районларды белгили экономика бағдарларына қәнигелестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, Яккабағ, Қамаши, Чироқчи, Шаҳрисабз ҳәм Китоб районлары бағшылық ҳәм жүзимшиликке қәнигелестириледи. Ғузор ҳәм Муборак районларында нефть, газ-химия, Чироқчи ҳәм Дийқанабад районларында қурылыс материаллары бойынша көплеген кәрханаларды шөлкемлестириў мүмкин.

Касби, Нишон, Миришкор ҳәм Косон районларын шарўашылыққа қәнигелестирип, ири комплекслер ҳәм киши мал семиртиў фермаларын жаратыў, азық-аўқат базасы ушын жер ажыратыў ўазыйпасы қойылды.

Қаржы министрлигине шарўашылық ушын өзлестирилген жер, бағылған ҳәр бир бас қарамал ушын субсидия  бериў механизмин жолға қойыў тапсырылды.

Ўәлаятта 2021-2022-жылларда әмелге асырылатуғын, улыўма баҳасы 28 триллион сум болған  950 жойбар ислеп шығылған. Бул жойбарлардың нәтийжесинде  15  мың жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Кәмбағаллықты қысқартыў, жәрдемге мүтәж ҳәм жумыссыз халыққа дәрамат орайын жаратыў илажлары көрип шығылды.

Жуўапкерлерге келеси жылы  50 гектар майданда суў үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша тапсырма берилди.

Президентимиз халықты турақ жай менен тәмийинлеў, жоллар, ишимлик суўы тармақларын қурыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Ўәлаятта орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежесин 79 процентке, атап айтқанда, бул бағдарда жағдай аўыр болған Ғузор районында  50 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Жаслар ҳәм ҳаяллардың мәплерин тәмийинлеў мәселеси терең талланды.

– Ўәлаятта жаслар менен ислесиў бойынша жаңа система енгизиледи. Ҳәкимлер  ҳәр ҳәптеде бир күнди жаслар менен ислесиў күни, деп жәриялап, олардың машқалалары менен шуғылланады, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Социаллық қорғаўға мүтәж 2 мың  815 ҳаялдың турмыс шараятын жақсылаў, жумыссыз  ҳаял-қызларды «Устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында өнерментшиликке тартыў илажлары белгиленди.

– Биз танлаған жол – машақатлы жол. Қашқадәрья бойынша үлкен режелеримиз бар, оғада үлкен қаржы берилип атыр. Енди ең тийкарғы ўазыйпа ҳәм талап – усы қаржыны дурыс бағдарлап, адамлардың мәпи ушын ислетиў, жақсы шараят жаратыў, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Соннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласының Наво мәҳәллесинде қурылып атырған жаңа турақ жайларды көзден өткерди.

Бул аймақта улыўма 39 көп қабатлы жай қурылысы режелестирилген болып, бес басқышта әмелге асырылады.

Ҳәзирги ўақытта биринши басқышта 16 қабатлы 3 турақ жай қурып питкерилген.

Усы ўақытқа шекем ўәлаяттың аймағында  7 қабаттан бәлент  жай қурылмағанлығын атап өтиў керек.  Сол себепли қурылыста сейсмология ҳәм архитектура талапларына айрықша итибар қаратылған. Сапалы, энергия үнемлейтуғын материаллардан пайдаланылған. Үйлердиң ҳәр бирине айрықша суў ысытыў қазаны орнатылған.

Мәмлекетимиз басшысы үйлердиң қурылыс технологиясы ҳәм сапасына итибар қаратты. Өрт қәўипсизлигин, коммунал хызметлердиң турақлылығын тәмийинлеў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

Аймақ абаданластырылған, балалар майданшасы қурылған. Және 16 қабатлы 4 жайды келеси жыл март айында пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген.

Сондай-ақ, 1 мың 680 орынлық мектеп, 2 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, поликлиника, супермаркет, спорт майданлары, дем алыў бағы ҳәм басқа объектлер қурылады.

Бул жерде автомобиль жолларын қурыў ҳәм оңлаў, Қаршы қаласында ысытыў, ишимлик суўы ҳәм канализация тармақларын модернизациялаў илажларының презентациясы өткерилди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёделла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршылары