Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимде Руўхый раўажланыў ҳәм Ўатансүйиўшилик күни илажлары шеңберинде Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен «Мәмлекетимиздиң байрағы – бахтымыздың тымсалы» темасында руўхый-ағартыўшылық кеше шөлкемлестирилди.

Дуўтаршылар ҳәм бақсы сазенделердиң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

– Мәмлекетлик байрағымыздың қабыл етилгенине де 29 жыл болыпты. Кешеде шығып сөйлегенлер сәне мүнәсибети менен жыйналғанларды қызғын қутлықлап, байрақтың қабыл етилиў тарийхы ҳәм оның әҳмийети туўралы мағлыўматлар берди,-дейди Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық  партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң жетекши қәнигеси Гүлзар Джумагулова. – Кеше әскерий бөлим хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларында көтериңки кейпият пайда етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги