1-май күни Түркия Республикасы вице-президенти Жавдат Йилмаз Өзбекстанға келеди.

Түркияның Ташкенттеги елшиханасы баспасөз хызметиниң хабарына бола, сапар бағдарламасынан Өзбекстан Президенти Мирзиёев, Олий Мажлис Сенаты баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўлар орын алған.

Түркия вице-президенти, сондай-ақ, Өзбекстан бас министриниӊ орынбасары, еки мәмлекет биргеликтеги экономикалық комитетиниӊ жәрдемши баслығы, экономика ҳәм қаржы мәселелери бойынша жуўапкер министр Жамшид Қўчқоров пенен сөйлесиў өткереди.

Жавдат Йилмаз «Түркия жумыс дүньясы ушырасыўы» бағдарламасы шеңберинде исбилерменлер менен ушырасады.

Түркия президентиниӊ орынбасары 2-3-май күнлери өткерилетуғын III Ташкент халықаралық инвестиция форумында да қатнасады, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги