Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постына қоңсылас мәмлекеттен кирип келген пуқара Н.Б.басқарыўындағы “MAN” маркалы жүк автотранспорт қуралы тийисли тәртипте бажыхана  бақлаўынан өткерилди.

Нәтийжеде, автотранспортта ҳүжжетлерде көрсетилмеген ҳәм аўызеки сораўда айтылмаған, улыўма баҳасы 65 миллион сумға тең болған жәми 154 дана косметикалық затлар бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы жоқарыдағы нызамбузыўшылық бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги