Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева өткен шемби күни Нөкис районы белсендилери менен ушырасты.

Дәслеп «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Progress of children» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болып, тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Бул балалар бақшасы акционерлик-коммерциялық «Санаат қурылыс банк»тиң 4 миллиард 300 миллион сум жеңилликли кредити есабынан өткен жылдың июнь айында пайдаланыўға тапсырылды. Жәми 150 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 21 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Балалардың ҳәр тәреплеме тәлим-тәрбия алыўы ушын бул жерде барлық шараятлар жаратылған. Сенат Баслығы кишкенелерге саўға тапсырды.

Усы күни районлық Кеңестиң депутатлары менен болған ушырасыўда 2-октябрь күни мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында белгилеп берилген тапсырмалардан келип шығатуғын ўазыйпалар, оның орынланыўын тәмийинлеўде депутатлардың белсене қатнасыўы мәселелери сөз етилди.

Атап өтилгениндей, 2020-2022-жылларда район санаатын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 399 миллиард 234 миллион сумлық 84 жойбарды иске түсириў белгиленген. Соннан санаат тараўында 18, аўыл хожалығы тараўында 44, хызмет көрсетиў тараўында 22 жойбар әмелге асырылады.

Буннан тысқары, мийўе-палыз ҳәм балықшылықты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте.  Атап айтқанда, мийўе-палыз бойынша еки кластер шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, соңғы еки жыл даўамында гидропоника усылында 4, заманагөй усылда 8, жәми 12  ыссыхана қурылады ҳәм бул жойбарлардың иске түсирилиўи менен 345 жаңа жумыс орны жаратылады.

Ушырасыў барысында атап өтилгениндей, бул жойбарлардың әмелге асырылыўында депутатлардың белсендилиги талап етиледи. Олар өзлери сайланған аймақларда басланған жойбарлардың өз ўақтында сапалы орынланыўын тәмийинлеўде жанкүйерлик көрсетиўи тийис.

Ушырасыўда денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, коррупцияның алдын алыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер дөгерегинде депутатлар менен ашық пикир алысыў болды.

Ушырасыў илажларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери