Мәмлекетлик бақшаларда төлемлердиң муғдары қымбатлады.

«Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеми муғдарларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (246-санлы, 29.04.2024 ж.) қабыл етилди.

Оған бола, 2024-жыл 1-июньнан ҳәм 2025-жыл 1-январьдан баслап әмел ететуғын мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң муғдарлары тастыйықланды.

Төлемлер 2024-жыл 1-июньнан орташа 18,7-21 процентке, кейин болса 2025-жыл 1-январьдан және 8,5-10,8 процентке көбейеди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги