Алдын хабар бергенимиздей, бүгин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының VIII Қурылтайы болып өтти.

 

Ашық түрде даўыс бериў жолы менен өткерилген сайлаўда Ақсақаллар кеңеси тәрепинен усыныс етилген талабан Қудратилла Рафиков Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы етип сайланды.

 

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери Кеңесиниң баслығы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Улығбек Жәлменов Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары лаўазымына сайланды.

 

Бул ҳаққында бизге «Ишонч» газетасының хабаршысы Е.Қанаатов хабар берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотосы.