Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының басламасы менен Шоманай районында  гезектеги  көшпели қабыллаў болып өтти.

Районның 4 сектор басшылары, министрликлер ҳәм шөлкем басшыларының қатнасыўында өткерилген қабыллаўда пуқаралар 91 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан 12 мәселе сол жердиң өзинде унеамлы шешимин тапты. 38 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилди, 41 мүрәжаттың шешими бойынша тийисли мәкеме басшыларына тапсырма берилди.

Усы күни пуқаралардан тийкарынан бәнтлик, жол қурылысы, исбилерменликти раўажландырыў, кредит алыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат келип түсти.

Бундай көшпели қабыллаў республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы