Қарақалпақстан Республикасында 2020-2021-жыллардағы гүзги-қысқы мәўсимде, жәми 155,72 мың гектар жерде шор жуўыў илажларының өткерилиўи белгиленген. Соннан, 23,37 мың гектары күшли шорланған жер болса, 77,85 мың гектар жер орта, 54,49 мың гектар жер күшсиз шорланған атызлар болып есапланады.

Беруний районында усы мәселелерге бағышланып, «Шорланған жерлердиң шорын жуўыў» темасында илимий-әмелий семинар болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрликлери, район ҳәкимлиги, Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институты тәрепинен шөлкемлестирилген усы семинарда аўыл хожалығына тийисли техникалар, тамшылатып суўғарыў бойынша үскенелер және жерди лазер жәрдеминде тегислеў ҳәм атыз  мәденияты бойынша көргизбелер шөлкемлестирилди.

Семинарда атап өтилгениндей, тараўда инновациялық технологиялардың енгизилиўи бүгинги күнде усы бағдардағы жумысларды аңсатластырыўы менен бирге, аўыл хожалығы тараўында жоқары өнимдарлықты тәмийинлемекте.

Тамшылатып суўғарыўдың аўыл хожалығында енгизилиўи, суў машқаласы әҳмийетли болып турған ҳәзирги шараятта ең үнемли технология болып есапланады. Шор жуўыў бойынша өз ўақтында әмелге асырылған жумыслар өнимдарлықтың жоқары болыўы, бул өз гезегинде ҳәзирги ўақытта әҳмийетли болып турған азық-аўқат қәўипсизлиги мәселесин де унамлы шешиўге тийкар жаратады.

Беруний районында жәми 15,084 мың гектар жерде шор жуўыў жумысларын әмелге асырыў белгиленген. Соннан, күши шорланған жерлер 2,89 мың гектар, орташа шорланған жер 7,03 мың гектар, күшсиз шорланған жер 5,16 мың гектарды қурайды,-дейди «Өзагроинспекция»ның Беруний районлық бөлиминиң баслығы У.Қаландаров. – Семинар даўамындағы ашық сөйлесиўлер ҳәм сораў жуўаплар усы суўды үнемлеўши технологиялардың абзаллықлары туўралы болды.

Аўыл хожалығы тараўындағы соңғы жыллардағы жетискенликлер сырт ел қәнигелери менен усы бағдарда бирге ислесиўдеги әмелий ҳәрекетлердиң нәтийжеси болып есапланады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги