«Министрлик жумысларында, улыўма денсаўлықты сақлаў системасындағы емлеў профилактикалық мәкемелеринде медициналық жәрдемди шөлкемлестириўде министрдиң ролине артықша баҳа бериў керек емес.

 

Министр тек басшылық етеди, тийкарғы жумысты болса министрлик жәмәәти ҳәм емлеў профилактикалық мәкемелериниң басшылары, ең тийкарғысы – күни-түни тынбастан халқымызға медициналық жәрдем көрсетип атырған пидайы, өз кәсибин жақсы көретуғын ҳәм билимли медицина хызметкерлери менен техникалық хызметкерлеримиз атқарады.

 

Системадағы барлық медицина хызметкерлеримизге усы қурамалы ҳәм жүдә қыйын жағдайда өзин жойытпастан медициналық жәрдемди шөлкемлестириўде қатнасқан барлық кәсиплеслеримизге өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.

 

Әлбетте, халқымыз ишинен, сондай-ақ, кәсиплеслеримиз арасында да жоғалтыўлар болды, олардың жарқын естелиги бәрқулла ядымызда болады. Олардың жатқан жерлери жәннеттен болсын, жақынларына сабыр тилеймиз.

 

Мен кәсибимди жүдә жақсы көремен ҳәм сол себепли денсаўлығымдағы машқалалар имкан берген заматы системаға қайтып, шыпакерлик жумысымды даўам еттиремен.

 

Ҳәммеңизди жақынласып киятырған медицина хызметкерлери күни кәсиплик байрамыңыз бенен шын кеўилден қутлықлайман!»

 

Атажан Каримович Ҳамраев,

Медицина илимлери докторы.