2020-жыл 17-октябрь күни Бас министрдиң орынбасары Б.Мусаев басшылығында жоқары оқыў орынларында оқыў процесслерин шөлкемлестириў мәселелерин додалаўға арналған видеоселектор жыйналысы өткерилди.

 

Жыйналыста Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары У.Бегимқулов ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында аралықтан оқытыўдың алып барылыўы мониторинги нәтийжелери ҳаққында, орын алып атырған машқалалар ҳәм олардың шешимлери бойынша министрлик тәрепинен исленип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

 

Додалаўларда жоқары оқыў орынларында дәстүрий билимлендириўге қайтыў имканиятлары мәселеси де көрип шығылды және жоқары оқыў орынларының ректорларына бул бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

 

Атап айтқанда, жоқары билимлендириў системасында дәстүрий сабақларға қайтыўда, ең алды менен, студентлер ҳәм олардың ата-аналары арасында сораўнамалар өткериледи. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары тәрепинен имканиятлар анализленеди, санитариялық-эпидемиологиялық талаплар тийкарында оқыў процесслерин шөлкемлестириў, студентлердиң денсаўлығын қәўипке қоймастан студентлер турақ жайларының жумысларын тиклеў имканиятлары көрип шығылады.

 

Бул бойынша жуўмақлаўшы қарар жоқары оқыў орынларының кеңеси тәрепинен студентлер, олардың ата-аналарының усынысларын есапқа алған ҳалда санитариялық-эпидемиологиялық хызметтиң тийисли жуўмағы тийкарында қабыл етиледи.

 

Сораўнамалардың нәтийжелери бойынша және жоқары оқыў орынларының имканиятларынан келип шығып, республикадағы жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыўға рухсат бериледи.

 

Сораўнама усы жылдың 20-октябрь күни саат 23:59 ға шекем өткериледи. Сораўнамаға қатнасыў ушын төмендеги силтемеге басың.

 

https://docs.google.com/forms/d/e/1FAIpQLSchsUMH_qyoTZVaJlFKbgU6txA6arEXVFvWWGxjmyioqSmWEg/viewform

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.