Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында үш күн даўамында улыўма орта билим бериў мектеплери муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм көнликпелерин арттырыў  ҳәм аттестацияға  таярлық көриў ушын арнаўлы платформа арқалы өткерилген тест сынақлары нәтийжелерине бола айырым көрсеткишке ийе болған муғаллимлерге методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде «Муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин раўажландырыў» атамасында оқыў-семинары шөлкемлестирилмекте.

Оқыў-семинардың тийкарғы мақсети  муғаллимлердиң кəсиплик шеберликлерин раўажландырыўдан ибарат.

Тренерлер тәрепинен оларға заманагөй билим бериў, оқыўшыларға комплексли ўазыйпаларды шешиў, логика, талқылаў, сəўбетлесиўде сын көзқараста пикирлеў, пикирди жуўмақлаў арқалы шешимин қабыл етиў, дөретиўшилик пикирлеў, адамлар менен бирге ислесиў, жəмəəтте ислесиў, өзиниң ҳəм басқалардың эмоцияларын (кеўил-кеширмелерин) дурыс баҳалаў, оларды басқарыў, эмоционал интелектке ийе болыў, дыққатты бир ўазыйпадан басқасына тез қарата алыў, бийимлесиўшең болыў, бул ушын билимлендириў процесине 4«K»  моделин қолланыў усыллары хаққында мағлыўматлар берилмекте.

4«K»  модели – критикалық (сын көзқараста) пикирлеў, креативлик (дөретиўшилик қатнас), коммуникация, кооперация.

Оқыў-семинарда муғаллимлерге эксплицит, имплицит тестлерди топарларда әмелий жумыслар арқалы орынлатып, өз билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў бойынша методикалық жәрдем көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги