Тақыятас районы ҳәкими Д.Қурбанов райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде руўхый-ағартыўшылық сабағын өтти.

Сабақ барысында елимиз тарийхында өзлериниң мүнәсип хызметлери менен ат қалдырған ата-бабаларымыз тарийхы ҳәм олардың жасларға өрнек боларлық өмир жолы ҳаққында айтып өтип, келешегимиз ийелери болған жасларды Ўатанымызды сүйип жасаўға шақырып, елимизде жаратылған имканиятлардан пайдаланып, билим алып, шет тиллерин үйренип, ел-халыққа мүнәсип перзент болып жетилисиўге шақырды.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың барысы, соның ишинде, социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўы ҳәм әҳмийети ҳаққында оқыўшыларға кең түрде  түсиниклер берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги