Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Раҳмат Маматов мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў ҳәм жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға әмелий жәрдем бериў мақсетинде республикамызға келди. Оның хызмет сапары жаңаланыўларға толы Бозатаў районынан басланды.

Бүгинги күнде районда 5 пуқаралар жыйыны болып, үйрениўлер даўамында усы өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, имаратларының жағдайы, материаллық-техникалық базасы ҳәм хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар көзден өткерилди.

Хабарыңыз бар, бүгинги күнде Бозатаў районында Президентимиздиң басшылығында районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмысын  жақсылаў бағдарында көплеген ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, аймақта мың орынлық стадионның пайдаланыўға тапсырылыўы жасларды спортқа тартыўға, олардың бос ўақытларының мазмунлы өтиўине хызмет етпекте.

Министр Р.Маматов усы стадионда аймақ жаслары арасында өткерилген «Мәҳәлледе футбол» спорт жарысының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасты. Кубок ҳәм естелик саўғалар тапсырды.
Хызмет сапарының кейинги мәнзили «Аспантай» АПЖдағы ең шетки «Порлытаў» аўылы болды. Бул жерде халықтың жасаў шараятлары менен жақыннан танысты, аўылдағы исбилерменлер ҳәм пуқаралардың машқалаларын, пикир-усынысларын тыңлады. Пуқаралар жыйынындағы «Ҳаял-қызлар» дәптерине киргизилгенлерди өзин-өзи бәнт етип, дәрамат табыўы ушын олардың тигиў машинасы менен тәмийинлениўине жәрдем беретуғынлығын мәлим етти.

Соң аймақтағы ең жасы үлкен инсан, бүгинги күнде ақлық-шаўлық сүйип жасап атырған Шонай Нурсултановтың жағдайынан хабар алды. Сондай-ақ, системада жақсы ислеп атырған хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң жас қәнигеси Минара Қалбаеваға министрлик тәрепинен копьютер топламы саўға етилди.

Үйрениўлер басқа районларда да даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги