Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң тастыйықланған режесине муўапық, орынларда халықтың мәдений дем алыўына шараят жаратыў, кейпиятын көтериў мақсетинде ашық майданларда концерт бағдарламалары шөлкемлестирилмекте.

Беруний районы мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм эстрада қосықшылары, «Ёғду» қосық ҳәм аяқ ойын ансамбли ҳәўескер атқарыўшыларының қатнасыўындағы концерт те мине усы бағдарда район орайындағы ашық майданлардың биринде шөлкемлестирилди.

Карантин қағыйдаларына әмел етилген ҳалда өткерилген кеўил ашар бағдарламалар жыйналғанлардың аз да болса мәдений дем алыўына өзиниң үлесин қоса алды. Бундай илажларды ҳәр ҳәптениң дем алыс күнлеринде турақлы шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги