Өзбекстан Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасында Корё университети Медицина орайының профессоры, доктор Цой Джае Вуктың қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди. Онда елимизде медицина кластерин жаратыў, оның ушын халықаралық дәрежедеги кадрларды таярлаў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм илимди бирлестириў мәселелери көрип шығылды.

Бүгинги күнде доктор Цой Өзбекстанда Корея модели тийкарында Миллий онкологиялық орай шөлкемлестириў менен шуғылланбақта.

Хабарыңыз бар, Корея Республикасының жәрдеми менен Ташкентте Көп тармақлы балалар емлеўханасы қурып питкерилди. Бул емлеўхана қурылажақ онкологиялық орай ҳәм басқа да объектлер менен биргеликте келешекте елимизде заманагөй денсаўлықты сақлаў системасына халықаралық көзқарас тәжирийбесин жарататуғын медицина кластериниң тийкары болып хызмет етеди. Корейс модели бойынша медицина комплексин шөлкемлестириў режесине, үлкен жастағылар ушын көп тармақлы емлеўхана, жаңа медициналық жоқары оқыў орнын, жатақхана шөлкемлестириў де киреди. Буннан тысқары, ол жерде келешекте медицина тараўында илимий изертлеўлер менен шуғылланатуғын, сондай-ақ, жаңадан дәри-дәрмақларды жарататуғын Илимий изертлеўлер ҳәм өндирис орайы болыўы да нәзерде тутылған. Булардың барлығы биргеликте «Медицина комплекси»н қурайды.

Корея тәрепинен усыныс етилген бул жойбар миллий палата тәрепинен толық қоллап-қуўатланды. Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасын басқарыўға инновациялық көзқарасты ислеп шығыў ҳәм енгизиўди өзине ўазыйпа деп билген Миллий палата усы сыяқлы жойбарлардың әмелге асырылыўына жәрдемлесиўге таяр екенлигин билдирди.

Корея моделине тийкарланып медицина комплексин шөлкемлестириў жойбарының Бас режесин жаратыў мақсетинде Корея тәрепинен Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы менен меморандум дүзиў ҳаққында келисимге ерисилди.

Миллий онкологиялық орайдың тәжирийбели қәнилегерине Корея тәрепинен клиникалық протоколлар берилип, олар  заманагөй әсбап-үскенелерди нәтийжели пайдаланыў көнликпесине ийе болады.

Қәнигелердиң жаңа әўладын оқытыўды жергиликли тәжирийбеге бейимлестирилген усындай клиникалық протоколлар ҳәм Кореяның онкоклиникалық модели принциплериниң комплексине тийкарланып алып барыў керек. Буған тек ғана шыпакерлерди емес, ал, орта буўын медицина хызметкерлерин де қамтып алыў зәрүр.

Бундай көзқарас болажақ Миллий онкологиялық орайдың тек ғана қоңсылас мәмлекетлерде емес, ал, пүткил дүньяда ең алдыңғылардан болып қалыўына тийкар жаратады. Ол заманагөй Өзбекстан ушын зәрүрли болған денсаўлықты сақлаў тараўын инновациялық басқарыў системасын әмелиятта қолланыў имканиятын береди.

– Мийирбийкелер бизиң елимизде тек шыпакердиң жәрдемшиси болып табылады, -дейди  Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының Қарақалпақстан Республикалық бөлими директоры О.Халимов. – Ал, басқа мәмлекетлерде олар өз алдына медициналық хызметлерди де көрсете алады. Себеби, олардың көпшилиги жоқары мағлыўматқа, айырымлары бакалавриат дипломына ийе. Келешекте Корея модели тийкарында бизиң елимизде де усы принциптиң жолға қойылыўы режелестирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги