Ҳүрметли Президентимиздиң усы жылдың 23-сентябрь сәнесинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының жетпис бесинши сессиясында онлайн-байланыс арқалы шығып сөйлеген сөзи тек ғана ўатанласларымыздың емес, ал, пүткил дүнья сиясатшыларының итибарын өзине тартқан терең мазмунлы, кең көзқарастағы ҳәм сиясий әҳмийети жоқары баянат сыпатында үйренилмекте.

Елимиз басшысының БМШ тың усы сессияда жоқары дәрежедеги улыўма сиясий сөйлесиўлеринде билдирген пикирлери-усыныслары бүгин жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери, Орайлық Азия ҳәм басқа мәмлекетлер менен елимизде жүргизилип атырған дослық қатнасықлары ҳаққындағы мағлыўматлар менен қатар елимиз ҳәм БМШ қа ағза мәмлекетлердеги халықлардың келешеги менен байланыслы болды.

Әсиресе, оның БМШ басшылығында Пандемия дәўиринде мәмлекетлердиң миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыўды усыныс етиўи ҳәм онда ҳәр бир мәмлекеттиң өз пуқаралары менен халықаралық шериклери алдындағы миннетлемелерин атап өтиў зәрүрлиги ҳаққындағы пикири өз-ара бирге ислесиў ҳәм түсинисиў арқалы үлкен нәтийжелерге ерисиў мақсетин өзинде жәмлегени менен әҳмийетли.

Сессия қатнасыўшыларын елимизде ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың мәмлекетлик басқарыў ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен таныстыра отырып, және бир мәрте Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми конвенциясын қабыл етиў бойынша Өзбекстан  басламасын қоллап-қуўатлаўға шақырды. Бул Президентимиздиң бир сөзли, узақ келешекти ойлап ҳәрекет ететуғын, терең пикирли, жанкүйер ҳәм дүньяда өз абырайына ийе мәмлекет басшысы екенлигинен дәрек береди. Буннан халқымыздың кеўиллери мақтаныш сезимине бөленди. Сондай-ақ, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин арттырыў ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў бойынша усынысы бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, еркин пуқаралық жәмийетин қурыў жолындағы мәмлекетлик сиясат пенен үнлес екенлигин атап өтиўимиз тийис.

Мәмлекет турмысында парламент ролиниң артыўы пуқаралық жәмийети раўажланыўының тийкарғы механизмлериниң бири болып табылады. Демократиялық усылда, сайлаўлар нәтийжесинде қәлиплескен парламент – бул халық ҳаўазы.

Соны да айрықша атап өтиў керек, елимиз басшысы 2017-жылы БМШ тың 72-сессиясында бир қатар әҳмийетли усыныслар қатарында Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы Траст фондын шөлкемлестириў басламасын көтерип шықты ҳәм бул баслама толық қоллап-қуўатланды.

Елимиз басшысы бул сессияда да Аралбойы аймағын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етиў менен бирге, бул әҳмийетли ҳүжжеттиң тастыйықланған сәнесин Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында белгилеў мақсетке муўапық болатуғынлығын атап өткени Аралбойы аймағында жасайтуғын көп санлы халықлардың келешегине болған үлкен итибардың ҳәм ғамхорлықтың айқын көриниси, деп қабыл етиўимиз керек.

Улыўмаластырып айтқанда, елимиз басшысы тәрепинен билдирилген ҳәр бир усыныстың тийкарғы идеясы – инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Ҳақыйқатында да, жәҳәнге таралған бул жанлы пикирлер келешекте мәмлекетимиздиң дүньяның кең жәмийетшилигинде абырайының артыўына хызмет ететуғыны анық.

 

Р.ОТАРБАЕВ,

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси баслығының орынбасары, Халық депутатлары Шымбай районлық кеңесиниң депутаты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги